Қытай “COVID-19” шеклеўлерин қайта енгизбекте

165

ҚХР “чикунгуня” вирусының тарқалыўы шараятында пүткил мәмлекет бойлап “COVID-19” дәўириндеги профилактикалық илажларды енгизди, деп жазбақта Британияның ” Daily Mail ” газетасы.

Басылымның хабар бериўинше, үлкениң қубласындағы Фошан қаласында вирус тарқалыўы менен байланыслы жети мыңнан аслам жағдай дизимге алынған, мәмлекет бойынша болса олардың улыўма саны он мыңнан артқан.

“Чикунгуня” инфекцияланған шыбынлардың шағыўы арқалы жуғады, бирақ вирус адамнан адамға ҳаўа тамшылары арқалы жуқпайды. Инфекция температура, буўынларда аўырыў ҳәм аўыр жағдайларда жүрек ҳәм мийге тәсир ететуғын өмир ушын қәўипли болған асқыныўларды келтирип шығарады.

Атап өтилиўинше, ҳәзирги ўақытта Қытай ҳүкимети қала көшелери, елатлы пунктлер ҳәм қурылыс майданларында дезинфекциялаў жумысларын әмелге асырмақта. Бул жағдай 2020-жылы коронавирус пандемиясына қарсы гүресиўде қолланылған тактикаларды еске салмақта.

Кеселликлердиң алдын алыў ҳәм қадағалаў бойынша Европа орайының мағлыўматларына бола, “чикунгуня” менен кеселлениўдиң глобал өсиўи 2025-жылдың басында басланған ҳәм Ҳинд океанындағы Реюнон, Маётта ҳәм Маврикий атаўларында жағдай қыйынласқан.

Усы жылдың 4-август жағдайына бола, 16 мәмлекетте 240 мыңға шамалас кеселлик дизимге алынған болса, соннан 90 жағдай өлим менен жуўмақланған.

С.Раҳимов, ӨзА