Өзбекистан Республикасы Президентиниң қ а р а р ы
Бүгинги күнде елимизде 2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы тийкарында барлық салаларда ҳәм тармақларда үлкен өзгерислер әмелге асырылмақта. Бул бағдарда жәмийетлик турмыста ийгиликли қәдриятлар менен дәстүрлердиң орнын беккемлеўге, атап айтқанда, жас әўладтың руўхый-интеллектуаллық потенциалын, сана-сезимин ҳәм дүнья таныўын кеңейтиўде, ана Ўатаны ҳәм халқына муҳаббат ҳәм садықлық сезими менен жасайтуғын бәркамал шахсты тәрбиялаўдағы шексиз әҳмийетке ийе болған китапқумарлық мәдениятын арттырыўға айрықша итибар қаратылмақта.
Бул бағдарда тийисли ҳуқықый-нормативлик базаны беккемлеў, шөлкемлестириўшилик-әмелий жумысларды заман талапларына сай алып барыў, бул мәселеге кең жәмийетшиликти тартыў бойынша кейинги ўақытта бир қатар жумыслар әмелге асырылып атырғанын атап өтиў лазым.
Ҳәзирги ўақытта өткерилген бақлаўлар менен талқылаўлар бул салада өз шешимин күтип турған бир қатар әҳмийетли машқалалар бар екенин ҳәм оларды кең көлемде шешиў зәрүрлигин көрсетпекте. Атап айтқанда, халқымыз, бәринен бурын, жаслардың руўхый-ағартыўшылық, көркем-эстетикалық талапларына жуўап беретуғын китапларды жоқары сапада басып шығарыў, орынларға, билимлендириў мәкемелерине ўақтында ҳәм мақул баҳаларда жеткериў, миллий ҳәм дүнья әдебиятының ең сайланды үлгилерин аўдарыў, перзентлеримизде балалығынан китап, соның ишинде, электрон китап оқыў көнликпесин қәлиплестириў, жәмийетимизде оқыў мәдениятын арттырыў менен байланыслы әҳмийетли мәселелерди шешиў актуал ўазыйпа болып қалмақта.
Әсисресе, басып шығарыў жумысын қоллап-қуўатлаў ҳәм буннан былай да раўажландырыў, елимизде саламат бәсекиге тийкарланған баспа ҳәм электрон китаплар базарын қәлиплестириўди бүгин турмыстың өзи талап етпекте.
Руўхый дүньямызды байытыўда үлкен әҳмийетке ийе болған әне усындай әҳмийетли ўазыйпаларды комплексли шешиў, китап өнимлерин басып шығарыў ҳәм тарқатыў системасын жетилистириў, өзбек ҳәм дүнья әдебиятының ең жақсы үлгилерин Интернет тармақларына орналастырыў ҳәм оларды үгит-нәсиятлаў және кең китап оқыўшылар аудиториясына жеткериў жумысларын нәтийжели шөлкемлестириў мақсетинде:
- Китап өнимлерин басып шығарыў ҳәм тарқатыў системасын раўажландырыў, китап оқыўды ҳәм китапқумарлық мәдениятын арттырыў және үгит-нәсиятлаў бойынша комплексли илажлар бағдарламасы қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Бағдарламада нәзерде тутылған төмендеги тийкарғы ўазыйпаларды әмелге асырыўға айрықша итибар қаратылсын:
китап өнимлерин басып шығарыў ҳәм тарқатыў, баспа ҳәм полиграфия салаларын буннан былай да раўажландырыўға байланыслы нормативлик-ҳуқықый базаны жетилистириў, социаллық әҳмийетке ийе болған китапларды, әсиресе, балаларға арналған әдебиятларды басып шығарыўды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў;
китап өнимлери бойынша мәмлекетлик буйыртпаның тийкарғы бағдарларын қәлиплестириў, әдебий-көркем, оқыў-методикалық, илимий-теориялық, илимий-көпшилик ҳәм көргизбели әдебиятларды басып шығарыў және тарқатыў системасын жетилистириў, қәнигелескен китап дүканларының жумысын раўажландырыў;
жәҳән әдебиятының ең сайланды үлгилерин өзбек тилине аўдарыў бойынша мәмлекетлик буйырпалар бериў, оларды зәрүр тиражларда жоқары сапада басып шығарыў ҳәм қаржыландырыў системасын жолға қойыў, китап тарқатыў системасын буннан былай да раўажландырыў ҳәм китап өнимлериниң баҳасын қәлиплестириў және сатыў бойынша анық механизмлерди ислеп шығыў илажларын белгилеў;
мәлимлеме-китапхана жумысын күшейтиў, билимлендириў мәкемелериниң мәлимлеме-ресурс орайларының китапхана фондларының, китапханаларды, шөлкем ҳәм мәкемелердиң «Руўхыйлық ханалары»н оқыў-методикалық, техникалық әдебиятлар, әдебий-көркем, ағартыўшылық ҳәм илимий-көпшилик китаплар менен байытыў, олардың материаллық-техникалық базасын беккемлеў;
баспаханалар ҳәм полиграфия саласы қәнигелерин, көркем ҳәм техникалық редакторлар, графикалық художниклер, мәлимлеме-китапхана хызметкерлерин таярлаў, маманлығын арттырыў ҳәм хошаметлеў системасын жетилистириў;
латын жазыўына тийкарланған жаңа өзбек әлибесиндеги илимий-техникалық, әдебий-көркем ҳәм энциклопедиялық әдебиятларды буннан былай да көбейтиў бойынша анық илажлар ислеп шығыў;
Өзбекистан Миллий китапханасы ҳәм мәлимлеме-китапхана орайларындағы барлық түрдеги мәлимлеме-китапхана ресурсларының бирден-бир базасын қәлиплестириў ҳәм оннан басқа мәлимлеме-китапхана мәкемелеринде турып пайдаланыўды тәмийинлеў;
аўыл халқына китапхана хызметиў көрсетиў системасын шөлкемлестириў ҳаққында илажлар режесиниң жойбарын таярлаў ҳәм әмелге асырыў;
елимизде интернет арқалы зәрүр әдебиятларды алыў ҳәм сатып алыў имканиятын беретуғын eReader электрон оқыў қурылмаларын ислеп шығыўды шөлкемлестириў, олардың мәлимлеме базасына улыўма билим бериў мектеплери, академиялық лицей ҳәм кәсип-өнер колледжлери, жоқары оқыў орынлары ушын сабақлықлар, оқыў қолланбалары, оқыў-методикалық, илимий-теориялық дәреклерди орналастырыў, бундай өнимлерди арзан баҳада сатып алыў механизмлерин жолға қойыў бойынша усыныслар таярлаў;
мазмуны төмен, миллий руўхыйлығымызға ҳәм қәдриятларымызға, әдеп-икрамлылық нормаларына сәйкес келмейтуғын, жаслардың тәрбиясына кери тәсир етиўи мүмкин болған әдебиятларды таярлаў, басып шығарыў ҳәм тарқатыўдың алдын алыў илажларын көриў;
китап оқыў ҳәм китапқумарлық мәдениятын арттырыўға байланыслы үгит-нәсият жумысларын системалы ҳәм нәтийжели шөлкемлестириў, бул бағдарда китап оқыўшылар, китапханашы ҳәм үгит-нәсиятлаўшылар арасында «Ең жақсы китап оқыйтуғын мектеп», «Ең жақсы китап оқыйтуғын мәҳәлле», «Ең жақсы китап оқыйтуғын шаңарақ», «Ең белсенди китапханашы» сыяқлы таңлаўлардың сайлап алыў ҳәм республикалық басқышларын жоқары дәрежеде өткериўди жолға қойыў.
- Өзбекистан Баспасөз ҳәм хабар агентлиги китап өнимлерин басып шығарыў ҳәм тарқатыў системасын жетилистириў және мәлимлеме-китапхана жумысы саласындағы арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйым етип белгиленсин.
- Бағдарламада көрсетилген илажларды өз ўақтында ҳәм нәтийжели әмелге асырыў тийисли министрлик ҳәм ведомстволардың, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының және олардың лаўазымлы шахсларының тийкарғы ўазыйпаларынан бири есапланатуғыны;
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери ҳәр бир қала ҳәм районда китап саўдасына қәнигелескен дүканларды шөлкемлестириў, оларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде юридикалық шахс статусындағы исбилерменлик субъектлерине пайдаланылмай атырған мәмлекетлик мүлк объектлерин бийпул пайдаланыў ушын берилиўин тәмийинлейтуғыны;
саўда айланысында китап сатыў үлесиниң көлеми 70 проценттен көп болған юридикалық шахс статусындағы исбилерменлик субъектлериниң айрықша статистикалық есабы жүргизилетуғыны ҳәм олар 2020-жылдың 1-январына шекем бирден-бир салық төлемин төлеўден азат етилетуғыны;
Өзбекистан Миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекистан Миллий мәлимлеме агентлиги ҳәм басқа да ғалаба хабар қуралларына бул бағдарда турақлы түрде арнаўлы көрсетиў ҳәм еситтириўлер, мақалалар таярлаў ҳәм жәриялаў усыныс етилетуғыны белгилеп қойылсын.
- Өзбекистан Республикасы Орайлық банкине, коммерциялық банклерге китап саўдасына қәнигелестирилген заманагөй дүканлар, сондай-ақ, баспахана ҳәм полиграфия кәрханаларының материаллық-техникалық базасын беккемлеў, олардың айланба қаржыларын толықтырыў және жаңа китап дүканларын қурыў ушын Орайлық банкиниң жыллық қайта қаржыландырыў ставкасынан аспаған процентлерде жеңилликли кредитлер ажыратылыўы усыныс етилсин.
- Өзбекистан Баспасөз ҳәм хабар агентлиги Әдиллик министрлиги ҳәм басқа да мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте еки ай мүддетте:
нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер менен қосымшалар киргизиў ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин;
ведомстволық нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди усы қарарға муўапықластырсын.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекистан Республикасы Бас министри А.Ариповқа ҳәм Өзбекистан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик кеңесгөйи Х.Султановқа жүкленсин.
Өзбекистан Республикасы Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2017-жыл 13-сентябрь