Өзбекстан пуқаралары неше мәмлекетке визасыз кире алатуғыны айтылды

153

Бүгинги күнде Өзбекстан пуқаралары 40қа шамалас мәмлекетке визасыз , және 42 мәмлекетке әпиўайыластырылған тәртипте кириў имканиятына ийе. Сыртқы ислер министрлиги баспасөз хаткери Аҳрор Бурҳонов бул ҳаққында мәлим етти.

Атап өтилиўинше, Өзбекстан сыртқы ислер министрлиги пуқараларымыздың сырт елде еркин ҳәм қолайлы ҳәрекетлениўин тәмийинлеў, виза  талапларын бийкарлаў  ямаса оларды  әпиўайыластырыўды  өз жумысының тийкарғы   бағдарларынан бири деп биледи. Усы мақсетте бирге ислесиўшилер менен турақлы  түрде  сөйлесиўлер алып барылмақта ҳәм анық нәтийжелерге ерисилмекте.

2023-2025-жылларда Қытай, Бирлескен Араб Әмирликлери, Таиланд, Оман, Иран сыяқлы 10ға шамалас мәмлекет пенен визасыз режим  енгизилди. Сондай-ақ,  Саудия Арабстаны, Қатар, Вьетнам  сыяқлы бир қатар мәмлекетлер пуқараларымыз ушын виза тәртибин  жеңиллестирди.

Ҳәзирги ўақытта онлаған мәмлекетлер менен пуқараларымыздың сырт елге шығыўын және де аңсатластырыў бойынша  жедел сөйлесиўлер даўам етпекте. Сыртқы ислер министрлиги усы бағдардағы ҳәрекетлерин избе-из даўам еттирип, Өзбекстан пуқараларына халықаралық майданда кеңирек имканиятлар жаратады, деди Бурҳонов.

Қарақалпақстан хабар агентлиги