Тахтакөпирде миллетлераралық татыўлыққа бағышланған фестиваль өткерилди

Ҳәр бир миллет өзиниң мәденияты ҳәм қәдирияты менен гөззал. Өзбекстанда жасаўшы 130 дан аслам миллет ҳәм халық, 16 диний конфессия ўәкиллери бирден-бир Ўатан – Өзбекстанда тынышлық ҳәм татыўлық шараятында жасамақта. Миллетлераралық кеңпейиллик ҳәм аўызбиршиликти тәмийинлеўге қаратылған мәмлекетлик сиясат шеңберинде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар мәмлекетимизде «Өзбекстан – улыўма үйимиз» идеясын турмысқа енгизиўде әҳмийетли тийкар болмақта.


Ҳәзирги ўақытта 157 миллий мәдений орай ҳәм 38 дослық жәмийети жумыс алып бармақта. Бул орайлар миллетлер арасындағы дослық, өз-ара ҳүрметти беккемлеўде шексиз әҳмийетке ийе болмақта. Өзиниң миллий мәденияты, тили, дәстүрлери ҳәм үрп-әдетлерин раўажландырып атырған бул орайларға мәмлекет тәрепинен заманагөй техникалық үскенелер, миллий липаслар, музыка әсбаплары ҳәм материаллық базаны беккемлеў ушын бир қатар жәрдемлер көрсетилмекте.
30-июль – Халықаралық дослық күни мүнәсибети менен Тахтакөпир районында жайласқан «Қаратерең» туристлик орайында «Дослық фестивалы» жоқары кейпиятта ҳәм салтанатлы руўхта болып өтти.


Фестиваль шеңбериндеги илажларда мыңнан аслам жаслар, студентлер, туристлер ҳәм жергиликли халық белсене қатнасты. Бундай үлкен байрамда халық сейиллери, түрли миллет ўәкиллери таярлаған миллий тағамлар, художниклер ҳәм өнерментлердиң шығармалары, миллий мәдений орайлардың кийим-кеншек ҳәм әдебият көргизбелери кеңнен көрсетилди.
Салтанатлы илажда Өзбекстан Республикасы Президентиниң Аралбойы регионын турақлы раўажландырыў мәселелери бойынша кеңесгөйи Турсынхан Худайбергенов ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев қатнасып, мәмлекетимизде миллетлер арасында дослық ҳәм аўызбиршиликти беккемлеў бағдарында әмелге асырылып атырған үлкен жумыслар ҳаққында шығып сөйледи.


Сондай-ақ, илажда Қазақстан ҳәм Түркменстан Республикаларының рәсмий ўәкиллери де ҳүрметли мийман сыпатында қатнасты.
Фестиваль шеңберинде миллий мәдений орайлар тәрепинен таярланған миллий липаслар, өнерментшилик буйымлары ҳәм әдебиятлар көргизбеси, жергиликли кластерлер ҳәм фермер хожалықлары ислеп шығарған өнимлердиң көргизбеси болып өтти.
Кешеде белгили көркем өнер ҳәм мәденият ғайраткерлери тәрепинен Ўатан, тынышлық, халықлар дослығы ҳәм аўызбиршилик темасындағы дөретиўшилик концерт бағдарламалары қойып берилди. Музыкалық шығыўлар қатнасыўшылардың руўхын көтерип, олардың қәлбинде Ўатанға болған сүйиспеншиликти және де арттырды.


Сондай-ақ, «Ең жақсы қысқа ролик», «Ең жақсы сценарий», «Ең жақсы қосық», «Ең жақсы сүўрет» ҳәм «Ең жақсы фото топлам» номинациялары бойынша дөретиўшилик таңлаў өткерилди. Жеңимпазлар арнаўлы диплом ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды. Бул таңлаўлар арқалы жас дөретиўшилер өз потенциалын көрсетиў имканиятына ийе болды.
Күнниң ең соңғы бөлими – салютлар шоусы болып, илажды салтанатлы түрде жуўмақлады.
Бундай илажлар мәмлекетимизде миллетлераралық татыўлықты буннан былай да беккемлеў, аўызбиршилик ҳәм кеңпейилликти раўажландырыўда үлкен әҳмийетке ийе. Себеби тынышлық бар жерде раўажланыў ҳәм абаданлық болады.

Азизбек Дабылов,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы
Автордың түсирген сүўретлери