Өзбекстанда 1-августтан нелер өзгереди?

Мийнет ҳақы ҳәм стипендиялар арттырылады, шығынды хызметлеринен қарыздар абонентлердиң электр энергиясы төлемине шеклеў орнатылады, бул ҳаққында Sputnik басылымы хабар берди.
Өзбекстан нызамшылығында 2025-жыл 1-августтан бир қатар өзгерислер ҳәм жаңалықлар күшке киреди.
Мийнет ҳақы ҳәм стипендиялар муғдары 10 процентке арттырылады
Мийнетке ҳақы төлеўдиң ең аз муғдары – айына 1 271 000 сум, базалық есаплаў муғдары – 412 000 сум етип белгиленди.
Соның менен бирге жол ҳәрекети қағыйдаларын бузғаны ушын белгиленген жәриймалар муғдары да артады, енди айдаўшылар ушын ең аз муғдар 206 000 сум, ең көп муғдары болса 20 600 000 сум (Транспорт қуралларын басқарыў ҳуқықынан айырылған шахслар бундай қуралларды басқарғаны ушын) болады.
Шығынды хызметлеринен қарыздар абонентлердиң электр энергиясы төлемине шеклеў орнатылады
Қарыздарлық сапластырылыўы менен шеклеў автомат түрде алып тасланады.
Бул ҳаққында Шығындыларды басқарыў ҳәм циркуляр экономиканы раўажландырыў агентлиги өз телеграм-каналында жәриялап, бул тараўға байланыслы сораўлар бойынша агентликтиң 1205 қысқа номерине мүрәжат етиў мүмкин екенлигин айтып өткен.
Мәмлекетлик уйымлардың хызметкерлери арасында саламат турмыс тәризи үгит-нәсиятланады
Сондай-ақ, имканияттан келип шыққан ҳалда мәмлекетлик шөлкемлердиң аймағында спорт зоналары шөлкемлестириледи. Хызметкерлер арасында дене салмағы индекси өлшеп барылып, ҳәр бир хызметкер бойынша мағлыўматлар арнаўлы платформаға киргизиледи, сондай-ақ, ҳәр жумыс күниниң белгили бир ўақытларында денетәрбия ҳәм ҳәрекет тезлиги бойынша илажлар өткерип барылады.
Барлық ўәлаят ҳәм район ҳәкимликлеринде мийнет ҳақы арттырылады
Хызметкерлерге жумысына қарап айлық үстеме ҳәм қосымша бонус бериледи, бирақ өзине жүкленген ўазыйпаны орынлай алмағанларға шара көриледи.
Монголиядан қой ҳәм ешкилерди импорт етиўшилерге жеңилликлер бериледи
2027-жыл 31-декабрьге шекем Монголиядан қой ҳәм ешкилерди Өзбекстанға импорт етиўде исбилерменлик субъектлерине ҳаўа транспортында тасыў қәрежетлериниң 50 проценти Мәмлекетлик бюджет есабынан қаплап берилип, ҚҚС төлеў мүддетин процентлер есапланбаған ҳалда төлем тәмийнатысыз кешиктирип төлеў имканияты бериледи.
Мәмлекетлик хызметлерге қабыллаўда жаңа тәртип енгизиледи
Республика, аймақлық ҳәм район дәрежесиндеги шөлкемлердеги басқарыў ҳәм жәрдемши лаўазымларға таңлаўлар тек ғана Мәмлекетлик пуқаралық хызметкерлери вакант лаўазымларының бирден-бир порталы арқалы өткериледи.
Тест сынақлары арнаўлы модуль арқалы үскенеленген ханаларда яки аралықтан онлайн прокторинг системасында өткериледи.
Жер астынан пайдаланыў қағыйдаларын бузғанлар ҳаққында хабар бергенлерге ақшалай сыйлық төленеди
Ҳуқықбузарлық ҳаққындағы фото ҳәм видео материалларды жиберген шахсларға төмендегилер төленеди:
кең ашық майданда пайдалы қазылмаларды нызамсыз қазып алғаны яки тасығаны ушын – БЕМниң 1 есеси муғдарында;
пайдалы қазылмаларды қазып алыў, минерал шийки затты қайта ислеў тараўындағы басқа ҳуқықбузарлықлар ушын – ҳуқықбузыўшыдан өндирилген жәрийма суммасының 5 проценти.
Майыплығы болған шахслар ушын жумыс орынларын резервлеў системасы енгизиледи
Онда шөлкемлер жумыс орынларын резервлеўди электрон реестр мағлыўматлары арқалы өзлери жайласқан аймақтағы майыплығы болған шахслардың физикалық жағдайы ҳәм имканиятлары және маманлық дәрежесинен келип шығып әмелге асырады.
Айырым шаңарақларға бақша ушын төлем компенсацияланады
Айырым категориядағы шаңарақлардың перзентлерин қабыл еткен шаңарақлық мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерине усы балалардың тәмийнаты ушын ата-аналар төлеминиң 40 проценти Мәмлекетлик бюджеттен қаплап бериледи.
Жеке меншик ЖООға қабыл етилгенлиги ҳаққындағы буйрық HEMIS системасына жайластырылады.
Мәмлекетлик емес жоқары билимлендириў мәкемелери шахсларды оқыўға қабыл етиў ҳаққындағы буйрықты Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлигиниң НEMIS бирден-бир мәлимлеме системасында жаңа оқыў жылының 1-октябринен кешиктирмей дизимнен өткереди.
Азық-аўқат өнимлери ушын техникалық регламентлер ҳәм стандартлардың мәжбүрийлиги бийкар етиледи
Кодекс Алиментариус стандартлары тийкарында ең тийкарғы азық-аўқат өнимлерине тийисли санитариялық қағыйдалар тастыйықланады. Айырым товарлар санитария-эпидемиология, мәмлекетлик ветеринария хызмети, өсимликлер карантини, техникалық тәртипке салыў қадағалаўындағы дизимлерден шығарып тасланады.
Жарылыўшы затлар менен ислесиў ушын лицензиялаў тәртиби өзгереди
Жарылыўшы ҳәм зәҳәрли затлар менен байланыслы жумыслар ушын лицензия бериўде Министрлер Кабинети жанындағы Санаат, радиация ҳәм ядро қәўипсизлиги комитети менен келисиў тәртиби бийкар етилип, Айрықша жағдайлар министрлиги менен келисиў тәртиби енгизиледи,-деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги