Пашинян: Армения Россия менен дослық қатнасықлар тәрепдары

130

Жақында Армения бас министри Никол Пашинян баспасөз әнжуманында Россия Федерациясы менен өз-ара ҳүрметке тийкарланған дослық қатнасықлар орнатыўды қәлейтуғынын айтты.

Оның сөзлерине бола, Армения ҳүкимети Россия менен келиспеўшиликти ҳәм қарама-қарсылықты қәлемейди. Сондай-ақ, Пашинян Арменияның Коллективлик қәўипсизлик шәртнамасы шөлкеми (КҚШШ)не мүнәсибети ҳаққында да тоқтап өткен.

– Бизиң ағзалығымызды “музлатып” қойғаннан көре, КҚШШдан шығыўымыз итималы көбирек, – деди ол.

2024-жыл февральда Пашинян Армения КҚШШдағы қатнасыўын “музлатып қойғанын” мәлим еткен еди.

Март айында Ереван КҚШШны қаржыландырыўда қатнасыўдан бас тартты. Бирақ шөлкем бас хаткери Имангали Тасмагамбетовтың сөзлерине бола, Армения менен әмелий байланыслар сақланып қалған.

С.Раҳимов, ӨзА