Инсан ҳуқықларын қорғаў бойынша реформалар атап өтилди

77

Сенат Баслығының биринши орынбасары Содиқ Сафоев Россия Федерациясындағы Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили Татьяна Москалькова менен ушырасты.

Онда Өзбекстан ҳәм Россия арасындағы бирге ислесиў қатнасықлары, атап айтқанда, инсан ҳуқықларын қорғаў, ҳуқықый мәмлекетти раўажландырыў ҳәм пуқаралық жәмийети институтларын қоллап-қуўатлаў тараўында тәжирийбе алмасыўды кеңейтиў мәселелери додаланды.

С.Сафоев Өзбекстанда Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында инсан ҳуқықларын тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылып атырғанын, бул бағдарда парламент ҳәм Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкил (омбудсман) институтының орны барған сайын артып атырғанын атап өтти.

Россия Федерациясы Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили Өзбекстанда соңғы жылларда инсан ҳуқықларын қорғаў, социаллық әдилликти тәмийинлеў ҳәм пуқаралардың ҳуқықый санасын арттырыў бойынша алып барылып атырған реформаларды атап өтти. Ол еки мәмлекет арасында инсан ҳуқықларын тәмийинлеў тараўында бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўға таяр екенин билдирди.

Ушырасыў жуўмағында тәреплер инсан ҳуқықлары тараўындағы, омбудсманлар институты шеңбериндеги ҳәм парламентлераралық байланысларды тереңлестириў бағдарында әмелий бирге ислесиўди даўам еттириўге келисип алды.

Норгул АБДУРАИМОВА,

ӨзАныӊ хабаршысы