БМШ Бас Ассамблеясы жасалма интеллект бойынша резолюция қабыл етти
87

БМШ Бас Ассамблеясы Тәжикстанныӊ басламасы менен жасалма интеллект бойынша резолюцияны қабыл етти, деп хабар берди Тәжикстан СИМ баспасөз хызмети.
Атап өтилиўинше, ҳүжжет билимлендириў, стартаплар ҳәм халықаралық бирге ислесиўге итибар қаратқан ҳалда исенимли ҳәм қәўипсиз технологияларды раўажландырыўға қаратылған.
Жойбарды структураға ағза мәмлекетлердиң улыўма көпшилиги қоллап-қуўатлады. Бул жасалма интеллекттен әдеп-икрамлы ҳәм қәўипсиз пайдаланыў бойынша глобаллық пикирлесликти қәлиплестириў жолындағы әҳмийетли қәдем болды.
Қарарға бола, Душанбеде Орайлық Азияда жасалма интеллект бағдарламаларын муўапықластырыўшы Регионаллық жасалма интеллект орайы шөлкемлестириледи.
С.Раҳимов, ӨзА