Қайсы бири абзал: супермаркетлер ме ямаса базар?

141

Соңғы жыллары Өзбекстанда тутыныў мәденияты жедел пәтлерде өзгерип бармақта. Халықтың сатып алыўдағы әдетлери, өнимге болған талап, баҳа ҳәм сапаға мүнәсибети жаңа басқышқа шықпақта. Әсиресе, супермаркетлер тармағының кеңейиўи менен бул процесс және де раўажланбақта. Бирақ, елеге шекем көпшиликте “супермаркет қымбат,” “базарда арзан” деген стереотиплер сақланып қалмақта. Ҳақыйқат болса буннан да қурамалырақ ҳәм таллаўға ылайық.

Супермаркетлер тармағы бүгинги күнде Өзбекстандағы ең ири ҳәм исенимли усақлап сатыў тармақларынан бири. Оның қолайлықлары сонда, ҳәр бир өнимниң баҳасы анық көрсетилген, алдаўшылық итималы жоқ ҳәм өнимлер жарамлық мүддетине әмел етилген ҳалда усынылады. Тазалық ҳәм тәртип те айрықша әҳмийетке ийе. Санитариялық талапларға жуўап беретуғын саўда орталығы жаратылған. Қалаберди, карталар арқалы төлеў имканияты да бар. Онда пластик, QR ҳәм басқа төлем системалары бар. Шегирмелер ҳәм акция күнлери шөлкемлестирилген болып, ҳәптелик бағдарламалар арқалы көплеген өнимлер арзанластырылады. Шаңарақ ушын қәўипсиз орталық та жаратылған. Балалы шаңарақлар биймәлел сатып алыўы мүмкин, гезеклер тәртипли, хызметкерлердиң хызмет көрсетиў сапасы жоқары. Буннан тысқары, супермаркетлерде жергиликли ҳәм импорт өнимлер арасында таңлап алыў, экологиялық таза, диеталық өнимлерди табыў да аңсат.

Бирақ супермаркетлер мәмлекетимиздиң барлық орынларында да жоқ. Бул пайтахт ҳәм қала орайларында жасамайтуғынлар ушын сатып алыў имканиятын шеклейди.

Дәстүрий базарлар болса халқымыздың саўда-сатықтағы көп әсирлик тәжирийбесиниң тымсалы. Базардың өзине тән абзаллықлары бар. Дәстүрий базарларымызда баҳа бойынша келисиў имканияты бар. Қарыйдар ҳәм сатыўшы арасындағы байланыс баҳаны додалаў имканиятын береди. Қалаберди, фермер ҳәм дийқанның бағынан үзилген мийўе-овощлар базар арқалы тутыныўшыға жетип барады. Базарлар миллий мәдениятымыз, халықшыл қарым-қатнас ҳәм саўда-сатық орталығын сәўлелендиреди.

Бирақ, базарлар ҳәмме ўақытта да идеал емес. Гейде төмендеги машқалалар көзге тасланады. Мысал ушын, айырым саўда текшелеринде өнимге баҳа жазылмаған болады ҳәм қарыйдарда бираз түсинбеўшилик пайда етеди. Айырым өнимлер жарамсыз ямаса бузылған жағдайда болыўы мүмкин. Сапа кепиллиги анық жоқ – өнимниң қай жерден келгени, қалай сақланғанын билиў белгисиз. Төлем системалары көпшилик жағдайларда шекленген ҳәм пластик карта арқалы төлеў имканияты аз.

Ең итибарлысы, базарларда гейде заманагөй талапқа жуўап бермейтуғын өнимлер де ушырасады. Атап айтқанда, саламат аўқатланыў, балалар ушын арнаўлы өнимлер ямаса экологиялық таза товарлар табылыўы шекленген.

Көпшиликте супермаркетлерде “қымбат” деген түсиник бар. Бул бираз дурыс – айырым импорт өнимлер базардағыдан жоқарырақ баҳада болыўы мүмкин. Бирақ бул баҳаның артында хызмет сапасы, сақлаў шәртлери, жасаў мүддети ҳәм жеткерип бериў системасы турады. Буннан тысқары, супермаркетлерде арзан өнимлер де бар. Мәселен, нан, мәйек, гүриш, айырым мийўелер ямаса жергиликли ислеп шығарылған консерва өнимлери гейде базардағыдан да арзан болады. Шегирмели өнимлер базар менен бәсекилесе алады.

Тийкарғысы ўақыт үнемленеди – өнимди излеў, баҳаны сораў, саўдаласыў сыяқлы процесслер жоқ. Демек, баҳа мәселеси ҳәр қашан да базар пайдасына ислемейди. Бул жерде қарыйдар өз таңлаўына, үстинликлерине, исенимге ҳәм қолайлылыққа қарап қарар қабыл етеди.

Сатып алыў тек ғана арзан өнимди табыў емес. Бул – ўақытты үнемлеў, сапаны кепиллеў, денсаўлықты сақлаў, хызмет дәрежесин таңлаў ҳәм ең тийкарғысы, саналы тутыныў дегени. Супермаркет ҳәм базар – ҳәр бири өз орнына ийе. Бири заманагөй хызметлер менен абзаллық берсе, екиншиси миллийлиги менен әҳмийетли.

Бүгин тутыныўшы таңлап алады. Таңлаў болса саналы ҳәм жуўапкершиликли болыўы керек.

Дилдора ДЎСМАТОВА.

ӨзА