Жаслар парламенти ҳәм мәсләҳәт топарларының жумысы жетилистириледи

96

Сенаттың Жаслар, ҳаял-қызлар, мәденият ҳәм спорт мәселелери комитетиниң мәжилисинде Жаслар парламенти ҳәм халық депутатлары жергиликли кеңеслери жанындағы жаслар мәсләҳәт топарларының 2025-жылдың екинши ярым жыллығына мөлшерленген жумыс режелериниӊ жойбарлары додаланды.

Жаслар парламентиниң баслығы келешекте әмелге асырылыўы режелестирилген жумыслар бойынша мағлыўмат берди.

Сенаторлар тәрепинен Президент басшылығында өткерилген жаслар ушырасыўында алға қойылған басламалар тийкарында жумыс режелерин қайта көрип шығыў бойынша усыныслар билдирилди.

Атап айтқанда, мәҳәллелердеги 167 мың жәмлеспеген жаслар ҳәм тәрбиясы аўыр ҳәм ҳуқықбузарлық ислеген 17 мың оқыўшыны есапқа алған ҳалда жаслар арасында ҳуқықбузарлық ҳәм жынаятлардың алдын алыў, сондай-ақ, унамсыз жағдайларды келтирип шығарып атырған факторларды анықлаў ҳәм сапластырыўда Жаслар парламентиниң белсендилигин арттырыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди. Сондай-ақ, жәмийетшиликтиң итибарын аймақлардағы балалар майданшаларының жағдайына қаратыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Буннан тысқары, жаслар мәсләҳәт топарының ҳәр бир ағзасы жергиликли депутатларға “устаз-шәкирт” системасы тийкарында бириктирилди.

Додалаўда жасларға байланыслы қарар жойбарлары бойынша пикирлерди үйрениў, депутатлар менен ушырасыўлар шөлкемлестириў, жергиликли кеңеслердиң жумысы менен жасларды таныстырыў, тийисли комиссиялар менен биргеликте жаслар мәселелери бойынша үйрениўлер өткериў ҳәм унамлы тәжирийбени ғалаба ен жайдырыў сыяқлы әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп алынды.

Н.Абдураимова, ӨзА