Ири акция: Италия 10 000 жынаятшыны босатпақшы

“Reuters”диң жазыўынша, Италия Әдиллик министрлиги мәмлекеттеги қамақханалар жүгин азайтыў мақсетинде 10 мыңға шамалас қамақтағыларды босатыў мәселесин көрип шықпақта. Бул жазаны өтеп атырғанлардың шама менен 15 проценти, дегени.
Билдириўге бола, 10 105 судланыўшы үй қамағы ямаса сынақ мүддети сыяқлы альтернатив жаза илажларына “итималлы түрде сәйкес” деп табылған. Олардың арасында жаза мүддети тамамланыўына еки жылдан аз қалған, апелляция процеси жуўмақланған ҳәм соңғы 12 айда интизамый жаза алмаған шахслар бар.
Терроризм, шөлкемлескен жынаятшылық, зорлық, адам саўдасы ямаса урлығы сыяқлы аўыр жынаятлар ушын жаза өтеп атырғанлар бул дизимге киргизилмейди.
“World Prison Brief”тиң мағлыўматына бола, Италия Европада ең тығыз қамақхана системасына ийе мәмлекетлерден бири болып, бәнтлик дәрежеси 122 процентти қурайды.
Соңғы ўақытлары қамақханаларда өз жанына қастыянлық етиў жағдайының артқаны, ыссы ҳаўада шараяттың төменлегени тез-тез тилге алынбақта. Соған қарамастан, Әдиллик министрлиги бул қарар сиясий жақтан нәзик мәселе екенлигин тән алып, еркинликке шығарыў басқышпа-басқыш әмелге асырылатуғынын билдирди.
Процессти муўапықластырыў ушын дүзилген жумысшы топар ҳәр ҳәптеде жыйналып, сентябрьге шекем жумысы бойынша есабат береди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги