Өзбекстанда оқыўды көшириў бойынша өтиў баллары тастыйықланды

Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министриниң тийисли буйрығы менен 2025-2026-оқыў жылы ушын сырт ел ҳәм мәмлекетлик емес жоқары билимлендириў мәкемелеринен студентлердиң оқыўын республикалық мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелерине көшириў бойынша өткерилетуғын арнаўлы сынақлар бойынша өтиў баллары тастыйықланды.
Бул өтиў баллары усы жылы да системасында жоқары билимлендириў мәкемелери болған министрликлер ҳәм уйымлардың усыныслары тийкарында қәлиплестирилген.
Арнаўлы сынақлар бағдарлар кесиминде белгиленген болып, олар төмендеги тәртипте тастыйықланған:
Билимлендириў
– Билим: 94 балл.
Көркем өнер ҳәм гуманитар пәнлер
– Көркем өнер: 93 балл.
-Гуманитар пәнлер (тиллерден тысқары): 94 балл.
-Тиллер: 94 балл.
Социаллық пәнлер, журналистика ҳәм мәлимлеме
– Социаллық ҳәм минез-қулыққа тийисли пәнлер: 105 балл.
– Журналистика ҳәм мәлимлеме: 105 балл.
Бизнес, басқарыў ҳәм ҳуқық
– Бизнес ҳәм басқарыў: 94 балл.
– Ҳуқық: 165 балл.
Тәбийғый пәнлер, математика ҳәм статистика
– Биология ҳәм түрлес пәнлер: 80 балл;
-Қоршаган орталық: 94 балл.
-Физика ҳәм тәбийғый пәнлер: 94 балл.
-Математика ҳәм статистика: 94 балл;
Мәлимлеме-коммуникация технологиялары
-Мәлимлеме-коммуникация технологиялары: 94 балл;
Инженерлик, қайта ислеў ҳәм қурылыс тараўлары
– Инженерлик жумысы: 75 балл.
– Өндирис ҳәм қайта ислеў тараўлары: 75 балл;
Архитектура ҳәм қурылыс: 75 балл;
Аўыл, тоғай, балық хожалығы ҳәм ветеринария
– Аўыл хожалығы: 70 балл.
– Тоғай хожалығы: 70 балл.
-Балық хожалығы: 70 балл.
-Ветеринария: 60 балл.
Денсаўлықты сақлаў ҳәм социаллық тәмийнат
Денсаўлықты сақлаў: 129 балл.
– Социаллық тәмийнат: 94 балл.
Хызметлер тараўы
Хызмет көрсетиў тараўы: 80 балл.
-Гигиена ҳәм мийнетти қорғаў: 70 балл;
-Транспорт хызметлери: 104 балл.
Бул баллар сырт ел ҳәм мәмлекетлик емес ЖООлардан Өзбекстан жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўын көшириўди қәлеген студентлер ушын белгиленген. Олардың тийкарында арнаўлы тест сынақлары өткериледи ҳәм ҳәр бир тараў ушын белгиленген минимал өтиў баллынан жоқары нәтийже талап етилетуғынын еслетип өтемиз,-деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги