Реформаларды әмелге асырыўда перспективалы басламаларды және де қоллап-қуўатлаў бойынша қосымша илажлар ҳаққында

217

Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

Мәмлекеттиң экономикалық ҳәм социаллық өсиўин тәмийинлеў процесинде халықтың кең қатламының қатнасыўын ҳәм олардың ҳәр қыйлы тараўлардағы перспективалы басламаларын хошаметлеў ҳәм инновациялық белсендилигин буннан былай да арттырыўдың нәтийжели механизмлерин енгизиў мақсетинде қарар етемен:

Мақсетлер

  1. Төмендегилер халықтың перспективалы басламаларын хошаметлеў илажларының тийкарғы мақсетлери етип белгиленсин:

а) нәтийжели ҳәм халықшыл реформаларды әмелге асырыўда кең жәмийетшилик ҳәм жәмийеттиң ҳәр қыйлы қатламлары ўәкиллериниң, атап айтқанда, жетик қәнигелер, жаслар, исбилерменлер, белсенди пуқаралар ҳәм ўатанласлардың (кейинги орынларда – халықтың кең қатламы) қатнасыўын қоллап-қуўатлаў;

б) мәмлекеттиң бәсекиге шыдамлылығын арттырыў, жаңа технологиялар ҳәм илим жетискенликлерин интеграциялаў;

в) перспективалы басламаларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде халықтың кең қатламы ушын ашық пикирлесиў орталығын жаратыў;

г) заманагөй, алдынғы идеялар ҳәм перспективалы басламаларды таңлап алыў ҳәм таңлап алыўдың нәтийжели механизмлерин енгизиў.

II.”Келешек ушын” перспективалы басламалар форумын өткериў

2025-жылдан баслап ҳәр жылы “Келешек ушын” перспективалы басламалар форумын (кейинги орынларда – Форум) өткерип барыў әмелияты енгизилсин.

а) Форум “Өзбекстан – 2030” стратегиясында белгиленген мақсетли көрсеткишлерге ерисиў процесинде халықтың кең қатламының перспективалы басламаларын қоллап-қуўатлаўға және олардың белсендилигин хошаметлеў ҳәм кеңнен үгит-нәсиятлаўға қаратылғаны;

б) Форум өткерилетуғын тийкарғы бағдарлар ҳәр жылы “Келешек ушын” перспективалы басламалар форумына таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша шөлкемлестириў комитети (кейинги орынларда – Шөлкемлестириў комитети) тәрепинен белгилеп берилетуғыны;

в) Форумға улыўма таярлық көриў ҳәм оны өткериў Шөлкемлестириў комитети, перспективалы басламаларды баҳалаў Менторлар кеңеси тәрепинен әмелге асырылатуғыны;

г) Стратегиялық реформалар агентлиги Форумға келип түскен перспективалы басламаларды жыйнаў, олардың бирден-бир дизимин қәлиплестириў, арнаўлы крауд платформаға жайластырыў ҳәм жәриялап барыўға және Форум нәтийжеси бойынша мақулланған перспективалы басламалардың жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлар тәрепинен әмелге асырылыўын муўапықластырыўға жуўапкер есапланатуғыны;

д) Форумды өткериўге байланыслы қәрежетлер 2025-жылы Стратегиялық реформалар агентлигин қоллап-қуўатлаў қорының қаржылары есабынан, 2026-жылдан баслап Мәмлекетлик бюджет параметрлеринде нәзерде тутылып барылатуғыны;

е) Форум өткериў орнын тийисли қураллар (баннерлер, видеороликлер, экранлар, байланыс ҳәм басқа да қураллар) менен тәмийинлеў “Интерфорум” МУК тәрепинен әмелге асырылатуғыны;

ж) Форумның эндаумент фонды еркин қаржылар тийкарында қәлиплестирилетуғын фонд сыпатында шөлкемлестирилетуғыны;

з) Форумда мақулланған перспективалы басламаларды коммерцияластырыў ҳәм қаржыландырыўға “Бизнести раўажландырыў банки” АКБ; ҳәм басқа коммерциялық банклер, сондай-ақ, Илимди қаржыландырыў ҳәм инновацияларды қоллап-қуўатлаў қоры жуўапкер есапланатуғыны белгиленсин.

III. Шөлкемлестириў илажлары.

  1. Төмендегилер:

а) “Келешек ушын” перспективалы басламалар форумына таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша шөлкемлестириў комитетиниң қурамы 1-қосымшаға муўапық;

б) “Келешек ушын” перспективалы басламалар форумының менторлар кеңесиниң қурамы 2-қосымшаға муўапық;

в) “Келешек ушын” перспективалы басламалар форумын өткериў тәртиби ҳаққындағы реже 3-қосымшаға муўапық;

г) “Келешек ушын” перспективалы басламалар форумын 2025-жылы өткериў бойынша шөлкемлестириў илажлары режеси 4-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

  1. Төмендегилер:

а) Форумға таярлық процесинде келип түскен перспективалы басламалар топ-50 ҳәм топ-10 лық тәртибинде сайлап алынады;

б) Менторлар кеңеси тәрепинен топ-10 деп табылған ең әҳмийетли перспективалы басламалар Өзбекстан Республикасы Президентиниң қатнасыўында өткерилетуғын Форумның жалпы мәжилисинде додаланады;

в) Форумның жалпы мәжилисин өткериў жуўмақлары бойынша мақулланған перспективалы басламаларды әмелге асырыў бойынша илажлар режеси ислеп шығылады;

г) илажлар режесине киргизилген перспективалы басламаларды әмелге асырыў ушын кредит ҳәм грантлар ажыратылыўы, салық, бажыхана ҳәм басқа да хошаметлеў илажлары қолланылыўы мүмкин;

д) Форум шеңберинде келип түскен басқа басламалар Министрлер Кабинетине мәмлекетлик бағдарламаларды, тийисли тараў, тармақ ямаса аймақларды раўажландырыў бойынша илажларды қәлиплестириў мақсетинде жибериледи ҳәм Ҳүкимет тәрепинен оларды әмелге асырыў бойынша зәрүр илажлар көриледи.

Стратегиялық реформалар агентлиги (Б.Рахматов) ҳәм Санлы технологиялар министрлиги (Ш.Шерматов) Экономика ҳәм қаржы министрлиги (И.Норқулов), “Бизнести раўажландырыў банки” АКБ (С.Аннакличев) ҳәм “Интерфорум” МУК (Б.Зуфаров) пенен биргеликте еки ай мүддетте Форумда қатнасыўды қәлеўши шахсларды ашық электрон дизимге алыў, анкета толтырыў, перспективалы басламаның профили ҳәм күн тәртиби, бағдарламасы, қатнасыў шәртлери, сондай-ақ, басқа да мағлыўматларды алыў имканиятын беретуғын крауд платформасының жаратылыўын ҳәм иске қосылыўын тәмийинлесин.

  1. Шөлкемлестириў комитети (Б.Рахматов):

а) 2025-жылы өткерилетуғын Форумның тийкарғы бағдарларын белгилесин;

б) еки ай мүддетте Форумды 2025-жылы өткериўдиң анық сәнеси ҳәм орны ҳаққында усыныс киргизсин;

в) Форумды өткериў бойынша шөлкемлестириў илажлары режесиниң сапалы ҳәм өз ўақтында орынланыўын, сондай-ақ, жуўапкер орынлаўшылардың жумысы муўапықластырылыўын тәмийинлесин.

Өзбекстан миллий телерадиокомпаниясы ҳәм Өзбекстан миллий мәлимлеме агентлиги Форумды өткериўге таярлық көриў ҳәм өткериўге байланыслы илажларды ғалаба хабар қуралларында, соның ишинде, интернет ҳәм социаллық тармақларда кеңнен сәўлелендириўди тәмийинлесин.

IV.Пәрманның орынланыўын шөлкемлестириў, тәмийинлеў ҳәм қадағалаў

  1. Усы Пәрманның орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип Стратегиялық реформалар агентлигиниң директоры Б.Б.Рахматов белгиленсин.
  2. Пәрманның орынланыўын додалап барыў, жуўапкер шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң жәрдемшиси Б.М.Мавлоновқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президент                                                            Ш.МИРЗИЁЕВ

 

Ташкент қаласы,

2025-жыл 14-июль