АҚШтың тариф қәўетери Россияға пайда келтирмекте

149

Кеше АҚШ Президенти Дональд Трамп Украинаға Европа тәрепинен қаржыландырылатуғын жаңа қурал жеткерип берилетуғынын жәриялады ҳәм Россияны жаңа тариф пенен қорқытты. Соған қарамастан, Москва фонд базары 2,7 процентке қымбатлады. Бул жағдай және де кескин санкция да РФ ушын пайда келтириўи мүмкин екенлигинен дәрек береди.

BBCдиң хабарына бола, жаңа санкция 50 күннен кейин күшке киреди. Демек, РФға қарсы илажлар тәсирин кешиктириў имканияты бар. Трамптың билдириўи Путин тынышлық келисимине қол қойыўдан бас тартқанына наразылық сыпатында баҳаланды.

Россия тынышлық тилегин билдирсе де, белгили бир шәртлер Батыс тәрепинен қабыл етилетуғын сыяқлы көринбей атыр. Кремль урыстың себебин сыртқы қәўиплер менен түсиндирген.

Алдынырақ АҚШ ҳәм РФ өз-ара келисим жолын таңлаған еди. Енди болса Трамптың билдириўи Россияға санкция ҳәм Украинаға қурал-жарақ жәрдемин даўам еттириў арқалы басым күшейтилиўин көрсетпекте.

Мусулмон Зиё, ӨзА