Өзбекстан Республикасы Президентиниң тийисли пәрманы менен бир қатар тайынлаўлар әмелге асырылды.

Алишер Бахадирович Самадов Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы Ҳуқықый экспертиза ҳәм комплексли таллаў департаментиниң баслығы лаўазымына тайынланды ҳәм усы мүнәсибет пенен Өзбекстан Республикасы Президентиниң ҳуқықый экспертиза ҳәм комплексли таллаў мәселелери бойынша кеңесгөйиниң орынбасары лаўазымынан босатылды;

Дониёр Бахтиёрович Кадиров Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы Жәмийетлик қәўипсизлик ҳәм нызам үстинлиги бойынша департаментиниң баслығы лаўазымына тайынланды ҳәм усы мүнәсибет пенен Өзбекстан Республикасы Президентиниң ҳуқық қорғаў ҳәм қадағалаў уйымларының жумысын муўапықластырыў мәселелери бойынша кеңесгөйи лаўазымынан босатылды;

Гаянэ Олеговна Умерова Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы Креатив экономика ҳәм туризм бойынша департаментиниң баслығы лаўазымына тайынланды ҳәм усы мүнәсибет пенен Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы Социаллық раўажланыў департаменти баслығының орынбасары лаўазымынан босатылды;

Шерзод Икромович Асадов Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы Коммуникациялар департаментиниң басшысы – Өзбекстан Республикасы Президентиниң баспасөз хаткери лаўазымына тайынланды ҳәм усы мүнәсибет пенен Өзбекстан Республикасы Президентиниң Баспасөз хаткери лаўазымынан босатылды;

Нодиржон Абдуқундузович Абдурахимов Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы Мәжилислер ҳәм аймақларға сапарлар ушын аналитикалық контент таярлаў департаментиниң баслығы лаўазымына тайынланды ҳәм усы мүнәсибет пенен Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы Режелестириў ҳәм мәлимлеме тәмийнаты департаментиниң баслығы лаўазымынан босатылды;

Бобур Ботирович Ходжаев Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы Финанслық технологиялар, санластырыў ҳәм жасалма интеллект бойынша департаментиниң баслығы лаўазымына тайынланды ҳәм усы мүнәсибет пенен Өзбекстан Республикасы Президентиниң экономикалық раўажланыў мәселелери бойынша кеңесгөйиниң орынбасары лаўазымынан босатылды;

Зилемхан Ҳайдаров Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы Ислер басқармасының баслығы лаўазымына тайынланды ҳәм усы мүнәсибет пенен Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы Финанс-хожалық департаментиниң баслығы лаўазымынан босатылды;

Елла Анатолевна Джахангирова Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы Илажларды шөлкемлестириў департаментиниң баслығы лаўазымына тайынланды ҳәм усы мүнәсибет пенен Өзбекстан Республикасы Президенти протоколының басшысы орынбасары лаўазымынан босатылды.

ӨзА