БМШ Палестина бойынша конференция өткереди

124

Дәслеп июнь айына мөлшерленген ҳәм кейинирек қалдырылған Жақын Шығыс бойынша жоқары дәрежедеги халықаралық конференция 28-30-июль күнлери БМШтың Нью-Йорктағы резиденциясында болып өтеди. Бул ҳаққында Бас Ассамблея 79-сессиясы баслығының рәсмий ўәкили Шэрон Бирч мәлим етти.

ТАССтың жазыўынша, илаж Израиль – Иран келиспеўшилиги себепли қалдырылған.

17-20-июнь күнлери Саудия Арабстаны ҳәм Франция Израиль-Палестина келиспеўшилигине еки мәмлекет принципи тийкарында шешим табыў бойынша глобал ҳәрекет мәселесин алға қойыў мақсетинде конференция шөлкемлестириўи керек еди. 13-июнь күни Израиль ҳәм Иран арасында қураллы соқлығысыў басланғаннан соң, Президент Эммануэль Макрон илаж мүддети “логистика ҳәм қәўипсизлик машқаласы” себепли кешиктирилетуғынын айтқан еди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги