Ғаўашалар зыянлы организмлерден қалай қорғалмақта?

142

Өзбекстан Республикасы Өсимликлер карантини ҳәм қорғаў агентлиги тәрепинен республикамыздың ғаўаша майданларында ушырасатуғын қәўипли зыянкеслер (шире, трипс, ғөрек қурты, өрмекши кене, қандала ҳәм басқалар), кеселликлер ҳәм жабайы шөплерге қарсы гүресиў илажларының шөлкемлескенлик пенен әмелге асырылыўын, олардың сапалы орынланыўын қадағалаўды тәмийинлеў мақсетинде 2025-жылдың 16-июнь сәнесинен 25-июль сәнесине шекем “Әҳмийетли 40 күнлик” жәрияланған болып, бул бағдардағы илажлар Кегейли районында да даўам етпекте.

Әлбетте, азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў, аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўде жоқары экономикалық нәтийжелиликке ерисиў ҳәм дийқаншылық мәдениятын арттырыў ушын агротехникалық илажларды өз ўақтында әмелге асырыў,  өсимликлерди зыянкес ҳәм кеселликлерден қорғаўда илимий жақтан үйренилген тәжрийбелерге сүйенген ҳалда жумыс алып барыў бүгинги күнниң талабы есапланады.

Ал, өсимликлердиң зыянкес ҳәм кеселликлерине қарсы гүресиў арқалы сапалы өним жетистириўде Өсимликлер карантини ҳәм қорғаў агентлигиниң хызмети айрықша болып, агрокластерлер, фермер, дийқан хожалықлары ғаўаша майданларында мониторинг жумыслары алып барылмақта. “Әҳмийетли 40 күнлик” илажлары режесине тийкарланып район ҳәкимликлери менен биргеликте ғаўаша майданларында ушырасатуғын зыянлы организмлердиң пайда болыўы, көбейиўи ҳәм тарқалыўына қарсы нәтийжели гүресиў бойынша илажлар өткерилип, олардың әмелге асырылыўы да қадағаланбақта.

– Қарақалпақстан Республикасы Өсимликлер карантини ҳәм қорғаў агентлигиниң Кегейли районы бөлими инспекторлары тәрепинен райондағы фермер хожалықларының ғаўаша атызларында фитосанитариялық мониторинг өткерилип, өнимлерден үлгилер алынды ҳәм агентликтиң көшпели лабораториясында тексериўден өткерилди,-дейди Өсимликлер карантини ҳәм қорғаў агентлиги Кегейли районлық бөлиминиң баслығы Қуўанышбек Узақбергенов.

Сондай-ақ, Кегейли дийқан базарындағы сатылып атырған мийўе ҳәм палыз өнимлериниң фитосанитариялық тазалығын тәмийинлеў мақсетинде агентликтиң районлық бөлими қәнигелери тәрепинен мониторинг өткерилип, алынған үлигилер тийкарында көшпели лабораторияда тексерилгеннен соң тийисли жуўмақлар берилди.

Соң агентлик қәнигелери райондағы билимлендириў мәкемлериндеги мийўели ҳәм саяманлы тереклерге мониторинг өткерди ҳәм өсимликлерден үлгилер алынып, лабораториялық жуўмақлар берилди. Ушырасыўы мүмкин болған зыянкес ҳәм кеселликлерге қарсы гүресиў бойынша орынларда үгит-нәсият жумыслары алып барылып, зыянсызландырыў илажларын әмелге асырыў бойынша усыныслар берилди.

Агентликтиң көшпели  лабораториясы мəмлекетимизде фитосанитариялық тазалықты  тəмийинлеӯ, сондай-ақ, сырт еллерге карантин астындағы өнимлердиң экспортын  жəне де арттырыӯ  ҳəм  усы  өнимлерге өз  ӯақтында  лабораториялық шешимди  усыныӯда айрықша  əҳмийетке  ийе есапланады.

Мағлыўмат ушын, экспортқа  шығарыў алдында турған карантин астындағы өнимлерге фитосанитария лабораториясына 2025-жылдың усы дәўирине шекем барлық район инспекторлары тәрепинен жергиликли аўыл хожалығы өнимлеринен жәми  4479 турдеги  үлги  экспертизадан өткериў ушын тапсырылды. Соннан, 1493 түрдеги үлги энтомология тексериўи, 1493 түрдеги үлги фитопатология, 1493 түрдеги үлгилер  гербологиялық тексериўден өткерилди. Агентлик инспекторлары тәрепинен тапсырылған 4479 түрли үлгиге, жәми 364  экспертиза нәтийжеси берилип, соннан  18 жағдайда зынлы обьект аныкланған.

Соннан 1493 мәрте өткерилген экспертиза нәтийжесине бола, 1 жағдайда карантин кеселлик болған ToBRFV вирусы, 1 жағдайда карантин объекти болған  колорадо қоңызы личинкасы, 12 жағдайда ун тәризли курт, 1 жағдайда өрмекши кене, 1 жағдайда қайрағаш жапырақхоры қурты, 1 жағдайда фузариоз ҳәм 1 жағдайда фитофториоз кеселлиги анықланды.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.