Екинши қәнигеликке қабыллаў басланды

186

Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги 2025-2026-оқыў жылы ушын екинши қәнигеликке қабыллаў басланғанын жәриялады.

2025-2026-оқыў жылында екинши ҳәм оннан кейинги билимлендириў (екинши қәнигелик) ушын талабанларды онлайн дизимге алыў Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлигиниң Бирден-бир билимлендириў хызметлери порталы my.edu.uz арқалы усы жылдың 10-август күнине шекем онлайн тәризде әмелге асырылады.

Онда талабанлар платформада:

  • өзиниң паспорт мағлыўматлары, ЖШШИР мағлыўматы ҳаққындағы мәлимлемелерди киргизеди;
  • диплом ҳәм оның қосымшасының электрон нусқасын жүклейди;
  • ҳәм оқыў тилегин билдирген жоқары оқиў орны ҳәм билимлендириў бағдарын таңлайды.

Екинши ҳәм оннан кейинги жоқары мағлыўмат бойынша оқытыў төлемли-контракт тийкарында әмелге асырылады.

Мағлыўмат ушын: екинши ҳәм оннан кейинги жоқары билимлендириў бойынша қабыллаў параметрлери жоқары билимлендириў мәкемесиниң илимий-педагогикалық потенциалы ҳәм материаллық-техникалық базасы есапқа алынған ҳалда жоқары билимлендириў мәкемеси кеңеси тәрепинен белгиленеди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги