Қырғызстан СИМ АҚШтан жаңа виза шеклеўи бойынша түсиник талап етти

“АҚШ тәрепинен бир тәреплеме ҳәм алдыннан ескертиўсиз көрилип атырған илажлар қәўетер оятады ҳәм дипломатиялық сөйлесиў шеңберинде түсиндириўди талап етеди“, – деди Қырғызстан Сыртқы ислер министрлиги жаңа шеклеўге түсиник берип. Усы мүнәсибет пенен тез арада мәмлекет сыртқы сиясат уйымының басшысы Имангазиев ҳәм АҚШтың Бишкектеги елшиси Вигери арасында ушырасыў шөлкемлестириўге қарар етилди. Сөйлесиў даўамында шеклеў енгизиўдиң себеби, жағдайды жумсартыў жолы, сондай–ақ, келешекте жүз бериўи мүмкин болған бундай жағдайлардың алдын алыў илажлары додаланыўы режелестирилген.
9-июль күни Бишкектеги Америка елшиханасы Мәмлекетлик департамент Қырғызстан пуқаралары ушын иммиграциялық емес визаның әмел етиў мүддетин қысқартқаны ҳаққындағы мағлыўматты жәриялады. Соның менен бирге, дипломатиялық миссия Трамптың “миллий ҳәм жәмийетлик қәўипсизликке қарсы сырт ел терроры ҳәм басқа да қәўиплерден АҚШты қорғаў” ҳаққындағы орынлаў қарарына да итибар берген.
Қарақалпақстан хабар агентлиги