«Қәўипсиз жол» миллий бағдарламасы басланады

162

Қай жерде ҳәким ҳәм ЖПХ биргеликте жол инфраструктурасы менен қатаң шуғылланса, сол жерде өзгерис бақланып атырғаны атап өтилди.

Мысал ушын, Чусттан өткен Д-105 Ферғана айланба жолының 6 километрине қорғаў тосықлары орнатылғаны себепли быйыл өлим менен байланыслы авария болмады (бурын бул жолда жылына 10 адам қайтыс болатуғын еди).

Президент тапсырмасына бола, халықаралық ҳәм мәмлекетлик әҳмийетке ийе жоллардың жағдайы үйренилди.

1 мың 557 километр жолларда бетон ҳәм темир тосықлар, 967 километр тротуар, 38 мың жол белгиси жетиспеўшилиги анықланды.

Усы мүнәсибет пенен Президентимиз жол инфраструктурасын жақсылаў арқалы аварияларды азайтыў бойынша “Қәўипсиз жол” миллий бағдарламасы басланатуғынын жәриялады.