Усы жылдың алты айында 20 аймақта авариялар саны жоқарылығынша қалмақта.

Аўыр ақыбетли авариялар кескин азайған районлар көп. Мойнақ, Нөкис, Тахтакөпир, Қанлыкөл, Янгиобод, Тўрақўрғон, Аққўрғон, Сайхунобод, Булақбоши, Улуғнор, Бандихон районлары ҳәм Аҳангарон, Ширин, Нурафшон, Ханабад қалаларында жағдай жақсыланып, бирде-бир өлим болмады.
Бирақ Қызылтепа, Уйчи, Пахтачи, Чуст, Тайлақ, Ургут, Шават, Пастдарғом, Яккабағ, Қўшкўпир, Ханқа, Денау, Пешку, Беруний, Алмазар, Бектемир районларында керисинше жағдай.
Тараў ушын жуўапкерлерге бизде ҳәр 100 мың халыққа өлим менен байланыслы авариялар саны Дослық Аўқамы мәмлекетлери ишинде ең төмен екенлиги арқайынлыққа берилиў ушын себеп болмаслығы көрсетип өтилди.
“Тилекке қарсы, ҳәр төртинши аварияда 1 адам яки күнине орташа 6 адам қайтыс болып атырғаны ҳәммени қатты тәшўишке салыўы керек,”
– деди Президент.