Нөкис қаласында «Инсан – инсанға көмекши» атамасында семинар-коучинг болып өтти

Президент жанындағы Социаллық қорғаў миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасының басламасы менен «Инсан – инсанға көмекши» атамасында семинар-коучинг шөлкемлестирилди.

Илаж алдынан мийманлар басқармаға қараслы «Мүриўбет» интернат үйлери, қәнигелестирилген мектеп-интернатлар ҳәм мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери тәрепинен таярланған өнимлер ҳәм өнерментшилик жумысларының көргизбеси менен танысты. Көргизбе қатнасыўшыларда үлкен тәсир қалдырып, социаллық қорғаў мәкемелеринде әмелге асырылып атырған әмелий жумыслардың нәтийжесин көрсетти.
Семинар-коучингтиң тийкарғы бөлими басқарма баслығы С.Данияров ҳәм агентликтиң Мүрәжатлар менен ислесиў бөлиминиң баслығы З.Хамраходжаевалардың кирис сөзлери менен басланды. Олар социаллық тараўдағы реформалар, соңғы қабыл етилген қарарлар ҳәм семинардың мақсетине ҳәр тәреплеме тоқтап өтти.

Илаж даўамында пуқараларға Президент қарары тийкарында жәрдемге мүтәж шаңарақлар ушын газ ҳәм электр энергиясына төленетуғын компенсациялар ҳаққында Басқарманың сектор басшысы Н.Ғаниев тәрепинен толық түсиник берилди. Тема бойынша сораў-жуўаплар өткерилип, қатнасыўшылар алынған мағлыўматларды беккемлеў имканиятына ийе болды.
Сондай-ақ, «Күндизги тәрбия» хызмети ҳаққында Басқарманың сектор баслығы А.Ерманов тәрепинен мәлимлеме берилди.

Илажға «Инсан» орайының психологлары да тартылып, олар тәрепинен түрли шынығыўлар ҳәм қызықлы ойынлар шөлкемлестирилди. Белсенди қатнасқан пуқаралар шөлкемлестириўшилер тәрепинен естелик саўғалары ҳәм сыйлықлар менен мүнәсип сыйлықланды.
Бул семинар-коучинг социаллық қорғаў системасында әмелге асырылып атырған жумысларды кең жәмийетшиликке жеткериў, пуқаралардың ҳуқықый билимин арттырыў ҳәм машқалалардың шешимин биргеликте табыў жолындағы әҳмийетли қәдем болды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги