Бүгиннен баслап пенсия ҳәм напақалар муғдары 10 процентке арттырылды

238

Бүгиннен баслап Өзбекстанда пенсия ҳәм напақалар муғдары 10 процентке арттырылды (Толық – инфографикада).

Пенсия ҳәм напақалардың әмелдеги муғдары:

– жасқа байланыслы ең аз пенсия муғдары – айына 918 000 сум;

– майыплық пенсияларының ең аз муғдары – айына 1 012 000 сум;

– кем тәмийинленген шаңарақларға балалар напақасының ҳәр айлық муғдары:

3 жасқа шекемги бир перзент ушын – 360 000 сум, 3 жастан 18 жасқа шекемги бир перзент ушын – 275 000 сум;

  • шаңарақтың екинши перзенти ушын қосымша – 165 000 сум;
  • шаңарақтың үшинши ҳәм оннан кейинги ҳәр бир перзенти ушын қосымша – 110 000 сум;

– кем тәмийинленген шаңарақлар ушын материаллық жәрдемниң айлық муғдары – 420 000 сум етип белгиленди,-деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги