Президент: тынышлық – ең уллы жемис, инсан қәдири ҳәм әдиллик – ең жоқары қәдирият
268

Мәмлекетимиз басшысы ҳәзирги ўақытта дүнья тыныш емес ҳәм қурамалы болып атырғанын, тынышлық – ең уллы жемис, инсан қәдири ҳәм әдиллик – ең жоқары қәдирият екени ҳәр қашанғыдан да терең сезинилип атырғанын атап өтти.
– Жоқары билимли, дүньяқарасы кең, заманагөй пикирлейтуғын, технологиялық саўатлы жаслар көп болған елде тынышлық ҳәм раўажланыў, өз-ара аўызбиршилик бәрқулла турақлы болады.
Жасларымызға сапалы билим ҳәм тәрбия бериў, заманагөй кәсип ҳәм өнерлер, шет тиллерин үйретиў, турмыста мүнәсип орын табыўы ушын зәрүр шараятлар жаратыў ең тийкарғы ўазыйпамыз ҳәм миннетимизге айланған,-деди Президент.
Президент Шавкат Мирзиёевтиң жаслар менен ушырасыўы даўам етпекте.
ӨзА