Өзбекстан Президентин рәсмий күтип алыў мәресими болды
753

Мәмлекетлик сапар менен Монголияда болып турған Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевти рәсмий күтип алыў мәресими болды.
Мәмлекетимиз басшысы ҳәм оның өмирлик жолдасын Монголия Президенти Ухнаагийн Хурелсух өмирлик жолдасы менен күтип алды.

Сухэ-Ботир майданында уллы мәртебели мийман ҳүрметине ҳүрметли қараўыл сап тартты.
Әскерий оркестрдиң атқарыўында еки мәмлекеттиң гимнлери жаңлады.
Президентлер ҳүрметли қараўыл қатары алдынан өтип, рәсмий делегациялар ағзаларын қутлықлады.

Мәресимнен соң Өзбекстан Президенти Монголия Мәмлекетлик сарайындағы Ҳүрметли мийманлар китабына жазыў жазып қалдырды.
Биргеликте сүўретке түскеннен соң, жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер басланды.
ӨзА