Самарқанд форумы шеңберинде миграция мәселелери бойынша сөйлесиў

255

Хабар бергенимиздей, 23-25-июнь күнлери Самарқанд қаласында болып өтип атырған БМШтың Мәмлекетлик хызмет форумы шеңберинде бир қатар халықаралық ушырасыўлар да шөлкемлестирилмекте. Форум шеңберинде санлы технологиялар министри Шерзод Шерматов Швеция миграция министри Ёхан Форселл менен ушырасыў өткерди.

Швеция демократиялық басқарыў, инсан ҳуқықларын қорғаў ҳәм миграцияны нәтийжели басқарыўда үлкен тәжирийбеге ийе мәмлекет. Өзбекстан ушын бундай сөйлесиўлер халықаралық тәжирийбе менен танысыў, сондай-ақ, пуқаралардың сырт елдеги ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў бойынша жаңа шешимлерди ислеп шығыўда айрықша әҳмийетке ийе.

Сөйлесиў ўақтында тәреплер Өзбекстанда мәмлекетлик хызметлерди санластырыў, халыққа электрон хызметлер көрсетиў системасын жетилистириў ҳәм бул тараўда әмелге асырылып атырған реформалар бойынша пикир алысты.

Соның менен бирге, IT хызметлери экспортының көлемин арттырыў мәселеси додаланды. Атап айтқанда, Швеция менен тиккелей бирге ислесиўди жолға қойған ҳалда Европа базарларына шығыў имканиятлары көрип шығылды.

Мәжилисте аралықтан кәсиплерге айрықша итибар қаратылып, жергиликли жасларды усы жерден турып жоқары мийнет ҳақы ҳәм бәсекиге шыдамлы жумыс орынлары менен тәмийинлеў бойынша басламалар да додаланды.

Ёхан Форселл Өзбекстандағы санлы трансформация процесслерине унамлы баҳа берди ҳәм бул тараўда тәжирийбе алмасыў және еки тәреплеме бирге ислесиўди күшейтиўге таяр екенин атап өтти.

Бундай сөйлесиўлер халықаралық исенимди беккемлеў, өз-ара пайдалы қатнасықларды раўажландырыў және глобал миграция сиясатының адамгершиликли ҳәм нәтийжели болыўына үлес қосады.

Н.Раҳмонова, ӨзА