Әдиллик министрлиги: курьерлик жумысын әмелге асырыў тәртиби белгиленди

Мәмлекетимизде курьерлик, яғный өним ямаса товарды жеткерип бериў хызмети раўажланып бармақта. Сонлықтан, бул хызметти тәртипке салыўға қаратылған ҳүжжет қабыл етилди.
Әдиллик министрлиги тәрепинен “Электрон коммерцияда курьерлик хызмети жумысын әмелге асырыў тәртиби ҳаққында”ғы реже мәмлекетлик дизимнен өткерилди.
Реже электрон коммерцияда курьерлик хызмети жумысын әмелге асырыў тәртибин белгилейди.
Оған бола, курьер исбилермен ҳәм жеткерип бериў хызмети операторлары менен мийнет шәртнамасы ямаса пуқаралық-ҳуқықый шәртнамалар тийкарында товарларды жеткерип бериўши физикалық тәреп, соның ишинде, өзин-өзи бәнт еткен шахс болып табылады.
Жеткерип бериў хызмети операторлары ҳәм курьерлер, шәртнамада нәзерде тутылған болса, қарыйдарлардан товар ямаса жеткерип бериў хызметлери ушын төлемлерди қабыл етиўге ҳақылы.
Онда, қадағалаў-касса техникасын мәжбүрий қолланыў ямаса электрон ямаса қағаз түринде чек (квитанция) берилиўи керек.
Азық-аўқат өнимлерин жеткерип бериўде транспорт қураллары ҳәм термоконтейнерлердиң таза ҳәм саз жағдайда болыўы, турақлы жуўылыўы ҳәм дезинфекцияланыўына әмел етиў керек.
Курьерге товардың қадағын өзбасымшалық пенен ашыў, қарыйдарлардың жеке мағлыўматларын ҳәм жеткерип берилип атырған товар ҳаққындағы мағлыўматларды үшинши шахсларға бериўи мүмкин емес.
Н.Абдураимова, ӨзА