Жаслардыӊ усыныс ҳәм басламалары қоллап-қуўатланбақта

221

Елликқала районы прокуроры Ш.Матякубов райондағы белсенди жас исбилерменлердиң жумыс орынларына барып, олардың исбилерменлик жумысы ҳәм жумыс процесслери менен жақыннан танысты.

Район ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети бөлиминиң мағлыўматына бола, сапар шеңберинде жаслар тәрепинен әмелге асырылып атырған ҳәр қыйлы жойбарлар, олар дус келип атырған машқалалар ҳәм келешектеги режелер ҳаққында пикир алысылды. Жас исбилерменлер өзлериниң усыныс ҳәм басламаларын билдирип, исбилерменлик орталығын буннан былай да жақсылаў бағдарындағы пикир-усынысларын билдирди.

Ушырасыўда коммерциялық банклердиң ўәкиллери де қатнасып, жасларға кредит линиялары, жеңиллетилген финанслық бағдарламалар ҳәм банк хызметлери ҳаққында толық мағлыўмат берди. Сол арқалы жас исбилерменлер өз жумысларын кеңейтиў ушын зәрүр финанслық имканиятлар ҳаққында хабардар болды.

Сапардан гөзленген тийкарғы мақсет – жаслардың исбилерменликке болған қызығыўшылығын қоллап-қуўатлаў, олардың басламаларын хошаметлеў, сондай-ақ, ҳуқықый ҳәм финанслық жәрдем системасын буннан былай да беккемлеўден ибарат.

Қарақалпақстан хабар агентлиги