Өзбекстан ҳәм Словакия арасында стратегиялық шериклик қатнасықлары орнатылды

225

Ташкент қаласында болып өткен сөйлесиўлердиң жуўмағында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Словакия Республикасы Бас министри Роберт Фицо Стратегиялық шериклик қатнасықларын орнатыў ҳаққындағы биргеликтеги декларацияға қол қойды.

Жетекшилердиң қатнасыўында еки тәреплеме ҳүжжетлер, атап айтқанда:

– дипломатиялық кадрлар таярлаў ҳаққында;

– аўыл хожалығы тараўындағы бирге ислесиў ҳаққында;

– стандартластырыў, метрология ҳәм товарлардың муўапықлығын баҳалаў тараўындағы бирге ислесиў ҳаққында;

– энергетика базарларын тәртипке салыў тараўындағы бирге ислесиў ҳаққындағы келисимлер;

– 2025-2026-жылларға мөлшерленген сыртқы ислер министрликлери арасындағы бирге ислесиў бағдарламасы;

– 2025-2026-жылларға мөлшерленген стандартластырыў тараўындағы бирге ислесиў бағдарламасы алмасылды.





ӨзА