ЖОО ларда қабыллаў басланды
269

Бүгин 5-июнь күни, мәмлекетлик жоқары оқыў орынларында абитуриентлерди қабыллаў басланды.
Қабыллаў процесслери my.uzmb.uz сайтында 25-июньға шекем болып өтеди.
Еслетпе: Бунда тек пәнлер комплекси таңланады. Яғный абитуриент қайсы пәннен тест тапсыратуғынын белгилейди. Бирақ университет ямаса бағдарды таңламайды.
Тест нәтийжелери толық шығып болғаннан соң, абитуриент өзи топлаған баллға қарап, кейин ала қайсы жоқары оқыў орны ҳәм қайсы бағдарды таңлаўды өзи шешеди,-деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги