Нөкис қаласында балалар Психологиялық-медициналық-педагогикалық комиссия тексериўинен өткерилди

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2024-жыл 25-январьдағы 46-санлы қарары тийкарында айрықша билимге мүтәж балалардың билим алыўын шөлкемлестириў ҳәм оларды реабилитациялаў системасын және де жетилистириў мақсетинде мәмлекетимиз бойлап Психологиялық-медициналық-педагогикалық комиссиялар (ПМПК) жумысы жолға қойылмақта.

Усы қарардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Социаллық қорғаў миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы жанында гезектеги ПМПК комиссиясының жумысы шөлкемлестирилди. Комиссияның тийкарғы ўазыйпасы – 2 жастан 18 жасқа шекемги, өз бетинше билим алыўға мүтәжлиги бар балаларды ҳәр тәреплеме психологиялық, медициналық ҳәм педагогикалық тексериўден өткериў және оларды тийисли мәмлекетлик билимлендириў мәкемелерине жибериў ушын жуўмақ бериўден ибарат.
Усы мақсетте Нөкис қаласында жайласқан 3-санлы қәнигелестирилген мектеп-интернатында ПМПК тексериўинен өткерилген балаларға кеселлик диагнозлары ҳәм олардың мүтәжликлерине қарап, Өзбекстанның түрли аймақларындағы көп тармақлы қәнигелестирилген мәмлекетлик мектеп ҳәм мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерине жолламалар берилди.

Бундай тексериўлер ҳәм жуўмақлар арқалы ҳәр бир баланың индивидуал раўажланыў өзгешеликлерин есапқа алған ҳалда, олар ушын сәйкес билимлендириў шараятларын жаратыўға итибар қаратылмақта. Бул арқалы билимлендириўдеги инклюзив қатнасық және де беккемленбекте.
Азизбек Дабылов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы