«Agrobank» АКБға финанслық жәрийма қолланылды

235

Бәсеки комитети тәрепинен үйрениўлерде, «Agrobank» АКБ тәрепинен «Agrobank Mobile» қосымшасында шәртнаманың тийкарғы ҳәм әҳмийетли шәртлери көрсетилмеген реклама тарқатылғаны анықланды. Бул жағдай «Реклама ҳаққында»ғы Нызамның 43-статьясына қайшы болып, пайдаланыўшыларды алжастырыўға себеп болыўы мүмкин.

Комитеттиң Арнаўлы комиссиясы бул нызам бузылыў жағдайы бойынша ис қозғап, финанслық жәрийма қолланыў ҳәм кемшиликлерди сапластырыў бойынша көрсетпе бериў ҳаққында қарар қабыл етти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги