Американың Aircela стартапы тиккелей ҳаўадан бензин синтезлейтуғын көшпели қурылманы усынды

500

Қурылма ҳаўадағы CО₂ ди жыйнап, оны күкирт ҳәм аўыр металлардан жырақ таза жанылғыға айландырады.

Ықшам система үй шараятында пайдаланыўға мөлшерленген болып, автомобильди тиккелей орнында жанылғы менен толтырыў имканиятын береди. Ҳәзирше тек ғана бир үлги бар, бирақ компания ғалабалық ислеп шығарыўды режелестирмекте. Ислеп шығыўшылардың атап өтиўинше, бул прототип емес, ал әмелде ислейтуғын технология болып табылады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги