Өзбекстан ҳәм БАӘ арасында ҳуқықый бирге ислесиў беккемленеди

194

Сенат жалпы мәжилисинде “Өзбекстан Республикасы менен Бирлескен Араб Әмирликлери арасында пуқаралық ҳәм экономикалық ислер бойынша ҳуқықый жәрдем көрсетиў ҳаққындағы Келисимди (Ташкент, 2024-жыл 27-сентябрь) ратификациялаў ҳаққында”ғы нызам көрип шығылды.

Атап өтилгениндей, кейинги жыллары Өзбекстан менен Бирлескен Араб Әмирликлери арасындағы бирге ислесиў жедел пәтлерде раўажланбақта. Усы күнге шекем еки мәмлекет арасында экстрадация, жынаят ислеринде ҳуқықый жәрдем, ҳаўа қатнаўы, саўда-экономикалық қатнасықлар, дәрамат салықлары бойынша еки тәреплеме салыққа тартыўды сапластырыў, илим ҳәм техника сыяқлы бағдарларда жәми 31 келисимге қол қойылған.

Нызам менен ратификацияланып атырған бул Келисимге Бирлескен Араб Әмирликлери делегациясының мәмлекетимизге сапары шеңберинде 2024-жыл 17-сентябрь күни Ташкент қаласында қол қойылған.

Ҳүжжетте еки мәмлекет арасында пуқаралық ҳәм экономикалық ислер бойынша ҳуқықый жәрдем көрсетиў ушын бирге ислесиўди жолға қойыў, сондай-ақ, ҳәр еки мәмлекет пуқараларын бир-бириниң аймағында тең ҳуқықый қорғаў менен тәмийинлеў және пуқаралық ҳәм экономикалық мәселелер бойынша суд ҳәм ҳуқық қорғаў уйымларына мүрәжат етиў имканиятын жаратыў нәзерде тутылған.

Сондай-ақ, пуқаралар арасында жүзеге келиўи мүмкин болған келиспеўшиликлерди шешиў, суд ҳүжжетлерин тән алыў ҳәм орынлаў сыяқлы мәселелер бойынша ҳуқықый жәрдем көрсетиў тәртиби де белгиленбекте.

Сенаторлар мақуллаған нызам келешекте еки мәмлекет арасындағы шәртнамалық-ҳуқықый қатнасықларды буннан былай да раўажландырыў ҳәм беккемлеў, атап айтқанда, суд-ҳуқық тараўында бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўға ерисиў, сондай-ақ, еки мәмлекет арасында пуқаралық ҳәм экономикалық ислер бойынша ҳуқықый жәрдем көрсетиў тараўындағы қатнасықларды тәртипке салыўға хызмет етеди.

Н.Абдураимова, ӨзА