Мәжбүрий санлы маркировкалаў системасының нәтийжелилиги арттырылады

253

Усы жылдың 23-май күни «Мәжбүрий санлы маркировкалаў системасының нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған қосымша илажлар ҳаққында»ғы Президент қарары қабыл етилди.

Қарарға муўапық, санлы маркировкалы өнимлердиң ҳәрекетлениў шынжырын толық бақлап барыў арқалы жасырын ислеп шығарыў ҳәм контрафакт өнимлер айланысына шек қойыў тийкарғы мақсет етип белгиленди.

Исбилерменлер тәрепинен алынған маркировкалаў кодларын өнимлерге қолланыў ушын белгиленген 90 календарь күнлик мүддет бийкар етиледи. Маркировка кодлары өнимге тиккелей қолланылғаннан кейин олар ушын төлем әмелге асырылады.

Сондай-ақ, санлы маркировкаланған өнимлерди агрегатациялаўда қолланылатуғын маркировкалаў кодлары Санлы маркировкалаў ҳәм бақлаў миллий мәлимлеме системасының операторы (Оператор) тәрепинен бийпул усынылады. Исбилерменлердиң мүрәжатларын жедел шешиў мақсетинде Оператор тәрепинен күни-түни ислейтуғын ” Call-орай ” жумысы жолға қойылады.

Қарарға муўыпақ, 2025-жыл 1-июльден импорт етиўши шөлкем тәрепинен Өзбекстан аймағына алып кирилген дәри-дәрмақларды олардың көтере ҳәм усақлап сатыўы менен шуғылланыўшы исбилерменлерге тиккелей ямаса оның рәсмий дилерлери арқалы реализациялаў электрон есап-фактура тийкарында әмелге асырылады.

Санлы маркировкалы өнимлерди көтере сатыў тек ғана нақ пулсыз түрде банк есап бетлери арқалы әмелге асырылады.

ӨзА