Азанғы чайға мазалы зат керек пе?

Азанғы аўқатта коньфет, печенье ҳәм соған уқсас мазалы затларды жеў денсаўлыққа зыян келтириўи мүмкин, деди кардиолог Хосе Абелян Испанияның Ла Разон басылымына берген интервьюинде.
Қәнигениң айтыўынша, азанғы аўқат күн даўамындағы “метаболик тон”ды белгилеп береди, инсан өзин қалай сезиўи тиккелей оның сапасына байланыслы.
Көпшилик мазалы өнимлер – тойыныў механизмин бузып, иштейди күшейтетуғын ҳәм көп аўқат жеўге алып келетуғын аса қайта исленген өнимлер болып есапланады. Соның менен бирге, олар қурамында организм ушын керекли витаминлер, минераллар, белоклар, пайдалы майлар ҳәм қурамалы углеводлар дерлик ушыраспайды.
Қалаберди, мазалы азанғы аўқаттан соң қанда глюкоза муғдары артып, артықша салмақ топланыўы ҳәм жүрек-қан тамыр кеселликлери итималы көбейеди, иммун системасы төменлейди, деди Абелян.
Соған қарамастан, кардиолог мазалы затлардан пүткиллей ўаз кешпеўге шақырды.
“Мәселе мазалы нәрсени ўақты-ўақты менен жеўде емес, ал толық аўқатланыўды оған алмастырыўда,” – деп атап өтти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги