Биз инсан қәдири жоқары болған журтта жасаймыз

390

Инсан қәдири барлық нәрседен үстин туратуғын елимизде ерисилип атырған табыслардың тийкарын Президентимиз айтып өткениндей “Инсан қәдири ушын” принципи қурамақта. Дини, тили, расасы, миллети қандай болыўына қарамастан елимизде жасаўшы ҳәр бир пуқараның ҳуқықлары мәмлекет қорғаўында болып, олардың абырайы ҳәм қәдир-қымбатына қол қатылмаслығы, ҳеш нәрсе оларды кемситиў  ушын тийкар болыўы мүмкин емеслиги Конституциямызда, назамларымызда белигилеп берилген.

Мәмлекетимизде “Инсан қәдири ушын” принципи тийкарында алып барылып атырған кең көлемли реформалар негизинде соңғы жылларда халықтың социаллық қорғалыўын күшейтиў, мәмлекет тәрепинен пуқараларға социаллық хызмет көрсетиў көлеми ҳәм түрлерин кеңейтиў бойынша системалы жумыслар әмелге асырылып келинбекте. Соның ишинде, социаллық бағдарламаларды қаржыландырыў қәрежетлери 2 есеге артып, кем тәмийинленген напақа алыўшы шаңарақлардың қамтып алыныўы 5 есеге көбейди ҳәм майыплығы болған шахслар ҳәм балалардың күтими менен бәнт болғанлар ушын жаңа напақа түрлери енгизилди.

Жаңа редакциядағы Конституцияда да мийнетке жарамсыз ҳәм жалғыз кекселер, майыплығы болған шахслар және халықтың социаллық жақтан жәрдемге мүтәж басқа да категорияларының ҳуқықлары мәмлекет қорғаўында екенлиги айрықша норма сыпатында белгилеп қойылды.

Президентимиздиң 2023-жыл 1-июньдеги “Халыққа сапалы социаллық хызмет ҳәм жәрдем көрсетиў және оны нәтийжели қадағалаў системасын жолға қойыў бойынша комплексли илажлар ҳаққында”ғы пәрманы менен мәмлекет тәрепинен халықты мәнзилли қорғаўдың тийкарғы бағдарлары белгилеп берилди. Соның ишинде, комплексли қатнас тийкарында профессионал социаллық қорғаў системасын енгизиў, социаллық қорғаў системасының нәтийжелилигин ҳәм мәнзиллилигин арттырыў арқалы халықтың жәрдемге мүтәж қатламының социалласыўын тәмийинлеў сондай-ақ, социаллық қорғаўды мәҳәлле дәрежесине шекем шөлкемлестириў, аўыр турмыслық жағдайға түсип қалған халыққа индивидуал қатнасқа муўапық социаллық хызмет ҳәм жәрдем көрсетиўди жолға қойыўға айрықша итибар қаратылады.

Халықты социаллық қорғаў ҳәм социаллық хызметлер көрсетиў тараўындағы бирден-бир мәмлекетлик сиясатты муўапықластырып барыў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президенти жанында Социаллық қорғаў миллий агентлиги ҳәм оның Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық басқармалары және 1-июльден баслап район (қала) ларда “Инсан” социаллық хызметлер орайлары шөлкемлестирилген еди. Орынларда жумыс алып барып атырған бул орайлар қандай жумыс алып бармақта?   Биз Хожели районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети   тәрепинен ғалаба хабар қураллары ўәкиллериниң қатнасыўында шөлкемлестирилген пресс -турда  Хожели районы “Инсан” социаллық хызметлер орайы жумыслары менен таныстық.

– Агентликтиң, соның ишинде, Хожели районы “Инсан” социаллық хызметлер орайының тийкарғы ўазыйпаларынан бири аўыр турмыслық жағдайға түскен халық пенен мәнзилли ислесиў ҳәм оларға социаллық хызмет ҳәм жәрдем көрсетиў, жәмийетке социалластырыўды тәмийинлеў арқалы социаллық қорғаўға мүтәж халық санын азайтыў, аўыр турмыслық жағдайға түсиў қәўпи астында болған социаллық хызмет ҳәм социаллық жәрдемди мәҳәлле дәрежесинде шөлкемлестириў арқалы халықты өзи жасап атырған орталықтан ажыратпаў, социаллық хызмет ҳәм социаллық жәрдемниң турақлы болыўын тәмийинлеў арқалы олардың ҳуқықларын турақлы кепиллеў. Бул ўазыйпаларды әмелге асырыўда кейс-менеджмент усылын қолланған ҳалда нәтийжели жумыс шөлкемлестириў, олардан социаллық хызметлер ҳәм жәрдем алыў бойынша буйыртпалар қабыл етиў, зәрүрликке  қарап буйыртпаларды жуўапкер министрликлер ҳәм уйымларға жибериў, аўыр жағдайға түсип қалған ҳәм аўыр жағдайға түсип қалыў қәўипи жоқары болған шаңарақларды турақлы түрде мониторинг етип барыў, олар ушын социаллық хызметлер ҳәм жәрдемлерди шөлкемлестириўден ибарат. Орайымыз  хызметкерлери  тәрепинен ҳәр бир шаңарақтың жағдайы үйренилип, шаңарақлардағы ҳақыйқый жағдайды және олардың социаллық хызметлер ҳәм жәрдемге болған талабын анықлаў, шаңарақлардың экономикалық-социаллық жағдайы ҳәм мүтәжликлерин үйрениў нәтийжесинде социаллық паспортлары қәлиплестирилди,-дейди Хожели районы “Инсан социаллық хызметлер орайы” директоры Замира Балтамуратова.

Илажда жуўапкер қәнигелер тәрепинен орай тәрепинен алып барылып атырған жумыслар бойынша мағлыўматлар берилди. Бүгинги күнде районда  32 165 шаңарақ болап, халықтың саны болса 129 416 ди қурамақта. Үйрениў нәтийжелерине бола районда жәми 10 811 шаңарақ социаллық хызметлер ҳәм жәрдемлерге мүтәж екенлиги анықланды. Бул жәми шаңарақларға салыстырғанда 8,3 процентти қурайды. Усы шаңарақларға үйрениў нәтийжесинде кейс-менеджмент усылы арқалы социаллық хызметкерлер ҳәм орай тәрепинен социаллық хызметлер ҳәм жәрдемлер көрсетиў режеси ислеп шығылды.

Усы жылдың биринши шереги  даўамында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 14-октябрьдеги  қарары бойынша “Инсан” социаллық хызметлер орайлары ҳәм социаллық хызметкерлер тәрепинен райондағы 12 категориядағы халық қатламларына 103 түрдеги социаллық хызметлер көрсетилип келинбекте. Усы күнге шекем жәми 298 “Кейс” (социаллық жумыс) ашылып, белгиленген тәртипте жәми 1192 хызметлер режеси ислеп шығылып, соның ишинде, 24 хызмет “Инсан” орайы тәрепинен, 1168 хызмет социаллық хызметкерлер тәрепинен көрсетилетуғын хызметлер болып есапланады. Бүгинги күнге 1054 (22 си “Инсан” орайы тәрепинен, 1032 си социаллық хызметкерлер тәрепинен) хызметлер толық көрсетилип болынды.

Кем тәмийинленген, майыплығы болған ҳәм социаллық қорғаўға мүтәж халық категорияларына “Сақаўат ҳәм жәрдем” қорынан 128 пуқараға жәми 152 миллион 835 мың сумлық жәрдемлер көрсетилди. Соның ишинде, 103 пуқараға жәми 116 млн 600 мың сумлық дәри-дәрмақ ушын, 3 пуқараға жәми 12 млн 600 мың сум емлениў ушын, 16 пуқараға жәми 5,4 млн сум азық-аўқат ушын, 17 пуқараға жәми 15 млн сум кийим-кеншек ушын 2 пуқараға жәми 750 мың сум коммуналлық қәрежетлери ушын қаржы берилди.

Орай тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 27-декабрь күнги қарары ҳәм Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2024-жыл 11-март күнги  қарары тийкарында жылдың басында 97 басқалардың күтимине мүтәж болған жалғыз ҳәм жалғыз жасаўшы кекселер ҳәм майыплығы болған шахслар “Жалғыз кекселер” реестрине киргизилген болып, бүгинги күнде жәми 103 басқалардың күтимине мүтәж болған жалғыз ҳәм жалғыз жасаўшы кекселер ҳәм майыплығы болған шахсларға 15 социаллық хызметкер ассистентлери бириктирилген болып, үйинде социаллық-турмыслық хызмет көрсетип келмекте. Сондай-ақ, олардың  жәмийеттеги орнын беккемлеў, олардың социаллық тараўлардағы белсендилигин арттырыў мақсетинде мәдений ҳәм байрам илажлары шөлкемлестирилип келинибекте. Пенсия жасындағы нураныйлар ҳәм майыплығы болған шахсларға Агентлик системасындағы санаторийлерге жолламалар берилди.

-Денсаўлығымды тиклеў ушын орай тәрепинен жоллама алып, Тақыятас районындағы санаторияда дем алып қайттым,-дейди  райондағы «Таң» АПЖ турғыны, нураний Гаўҳар Сапарбаева. Ол жерде бийпул емленип қайттым. Бул ушын биз нуранийларға усындай имканиятлар жаратып берип қойған Президентимизге миннетдаршылығымыз шексиз.

Қыйнаў ҳәм зорлық бойынша ушырасып атырған жағдайлар бойынша  районда  76 мүрәжат келип түскен болып, соннан оларға тийисли социаллық, психологиялық ҳәм  ҳуқықый жәрдемлер көрсетилген.

Районда  жәми 4049 майыплығы болған шахслар болып, соннан 461 адам 1-топар, 2785 адам 2-топар, 115 адам 3-топар ҳәм 688 адам балалықтан майыплығы болған шахсларды қурайды. Быйылғы жылдың усы күнине шекем жәми 187 майыплығы болған ҳәм жасқа байланыслы напақадағы пуқаралардан арзалар келип түсип, 187 пуқараға өнимлер жеткерип берилди.

Соның ишинде, 10 пуқараға электр жүргизиўши арбаша, 41 пуқараға қолда басқарылатуғын кресло арбаша, 17 пуқараға еситиў үскенеси, 24 пуқараға ҳаса таяқ, 14 пуқараға қолтық таяқ (жуп), 19 пуқараға шығанақлы қолтық таяқ (дана), 23 пуқараға көзи әззилер ҳасасы, 7 пуқараға жүриў қуралы ходунок, 1 пуқараға сидик қабыллағыш, 31 пуқараға протез ортопедиялық өнимлери берилди. Майыплығы болған 58 шахс Реабилитация орайында емленип шықты.

Усы жылдың январь-март айлары даўамында Хожели медициналық-социаллық экспертиза комиссиясы мийнетке уқыплылық усынысы берилген пуқаралардан жәми 81 майыплығы болған шахслардың бәнтлигин тәмийинлеўге жәрдемлести, соның ишинде 1 мәмлекетлик шөлкемге, 45 жеке меншик кәрханаға ҳәм ҳәм 35 адам турақлы ҳәм ўақтынша жумысларға жайластырылды, 6 майыплығы болған пуқара кәсип-өнерге оқытыўға бағдарланды.

Бүгинги күнге келип 31 майыплығы болған шахслар параспорт пенен шуғылланып келмекте. “Бес баслама паралимпиадасы”нда районнан 112 майыплығы болған шахслар дизимнен өткен.

Орай тәрепинен балаларды социаллық қорғаў секторы тәрепинен жетим ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған ҳәм ата-анасы алты айдан артық жасаў орнында болмаған жас өспиримлер  есабына есапқа алынған 66 балаға қайырқом ҳәм қәўендер тайынланған ҳәм соннан 47 адам қәўендерликке алынған.

Мәмлекет қарамағындағы мөлдиреген көзлер

Биз Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Социаллық қорғаў миллий агентлигине қараслы   Жайҳун АПЖ  да жайласқан  17-санлы көп тармақлы қәнигелестирилген  мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде болдық. Бул жерде 78 тәрбияланыўшы (соннан 32 си қонып, 46 сы үйлерине қайтады) педагог-тәрбияшылардан тәлим-тәрбия алмақта. Шөлкемде 50 балада майыплығы бар болып, 1 топарда аўыр нуқсаны бар, 1 топарда таяныш ҳәрекет аппаратында нуқсаны бар, 1 топарда жеңил дәрежедеги ақылы зайыл балалар, 5 психикалық раўажланыўда кешигип атырған балалар топарында тәрбияланбақта.

Бул мәкеме тәрбияланыўшылары Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2024-жыл 25-январь күнги “Айрықша билимлендириў мүтәжликлери болған балалардың билим алыўын шөлкемлестириў ҳәм оларды реабилитациялаў системасын жетилистириў илажлары ҳаққында”ғы  қарарына тийкарында  ПТПК (психологиялық-медициналық-педагогикалық комиссиялар) жуўмағы менен мәкемеге қабыл етилген.

Биз бул жерде жоқарыда келтирип өткен  кеселлик ҳәм нуқсанлар бойынша бақша жасындағы балалардың тәрбияланып атырғанлығының гүўасы болдық. Олар толық дәрежеде мәмлекеттиң ғамқорлығында. Олардың тәрбиясы менен шуғылланып атырған педагог-тәрбияшылар, дефектолог, психологлар, шыпакер ҳәм мийирбийкелер, аспазлар бәри-бәри усы балардың күтими, тәрбиясы менен шуғылланып, олардың (норма бойынша саўалланып кететуғынларын) жәмийетке қосылып кетиўи ушын имканиятардан пайдаланып ат салыспақта. Ол жерде мәмлекетимиз тәрепинен балалар ушын барлық шараятлар жаратылған.

-Булар не ушын бәри бир-бирине уқсайды,-дедим мен балаларға қарап турып тәрбияшыға сораў берип.

-Бул балалар Дауна кеселлиги менен туўылған балалар. Бул кеселлик пенен аўырғанлар дүньяның қай жеринде жасамасын олар бир ата-ананың балаларындай бир-бирине уқсайды,-деди тәрбияшы Шыныгүл Есбагамбетова.

Олар жүдә бир-бирине қайырқом. Ал олардың арасында өзгеше, оларға уқсамайтуғын, ҳәттеки, көринисинен саламат бала көринетуғын бир бала дыққатымызды тартты. Бул өз дүньясына ийе, өзгелерге уқсамайтуғын, өзин басқалардан аўлақта тутып жүретуғын  Аутизим кеселлиги менен аўырған бала еди.

Таяныш ҳәрекети мүшесинде нуқсаны бар балалар топарында бир қолы жоқ кишкене ғана төрт жасар баланың да өзине жараса тәғдири бар. Кемпир апасының қарамағындағы бул бала ата-ана меҳирине мүтәж. Майып болып туўылған баласын анасына таслап кеткен оның анасы қай жерлерде жүр екен деген ойларға талдым…

-Кеселлик түрине қарай денсаўлығының жағдайы орташа болған балалар менен қәнигелеримиздиң жеке ислесиўи нәтийжесинде  олардың жағдайлары жақсыланып, мектепке оқыўға барып, жәмийетке араласып атырғанлығы бизди қуўандырады. Биз бундай унамлы жағдайларды көрип мийнетлеримиздиң заяға кетпегенлигинен қуўанышлы боламыз,-дейди шөлкем методисти Инабат Матниязова.

-Биз журналистлер халықтың арасында болып көплеген ўақыялардың, жаңалықлардың гүўасы боламыз. Мине, бүгинги пресс турда мәмлекетимизде және бир мәрте инсан қәдири барлық нәрседен үстин екенлигиниң гүўасы болдық. Мәмлекет жәрдемге мүтәж инсанларға жәрдем берип, имканияты шекленген инсанларға ғамхорлық көрсетип, ҳәр қыйлы  кеселликлер менен аўырған кишкене ғана бийғубар нәрестелерди де өз қарамағына алып, бар жәрдемин бермекте. Бул биз журналистлерди дөретиўшилик жумысларымызда және де руўхландырады,-дейди Қарақалпақстан радиоканалы журналисти Д.Аманлепесова.

Г.Турдышова, Қарақалпақстан хабар агентлиги