Қырғызстанда Қытай – Қырғызстан – Өзбекстан темир жолының әҳмийетли бөлеги – ең узын туннельдиң қурылысы басланды
352

Усы мүнәсибет пенен шөлкемлестирилген мәресимге Транспорт министрлиги ҳәм “Өзбекстан темир жоллары” АЖ ўәкиллеринен ибарат мәмлекетимиздиң делегациясы да қатнасты. Созақ районынан басланатуғын 12 километрлик бул жер асты жолы Тогуз-Торо районына шекем созылады.
Үш мәмлекеттиң қатнасыўындағы бул мега жойбар шеңберинде жәми 46 көпир, 27 туннель қурылады.
Қытай – Қырғызстан – Өзбекстан темир жолының қурылысы 2024-жыл 27-декабрь күни рәсмий түрде басланған еди.

М.Сайфуллаев, ӨзА