Ташкентте Орайлық Азия Вики-конференциясы өткерилди

347

Илажға дүньяның 20 мәмлекетинен 90 нан аслам адам қатнасты. Тийкарғы қатнасыўшылар Өзбекстан, Қазақстан, Қырғызстан ҳәм Тәжикстан ўәкиллери болды.

Еки күнлик конференция даўамында регион тиллериндеги Википедияны раўажландырыў, санлы саўатлылықты арттырыў ҳәм еркин билимлер тараўындағы бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери додаланды.

Илаж соңында усындай әнжуманларды ҳәр жылы өткериў, сондай-ақ, тәжирийбе ҳәм идеялар алмасыў ушын Орайлық Азия жәмийетшилигиниң ҳәр айда бир мәрте онлайн ушырасыўларын шөлкемлестириў бойынша қарар қабыл етилди.

ӨзА