Өзбекстан ҳәм Әзербайжан парламентлераралық сөйлесиўди беккемлемекте

Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық аўқамы Парламентлераралық Ассамблеясы Кеңеси мәжилисинде қатнасыў ушын Санкт-Петербург қаласында әмелий сапар менен болып турған Олий Мажлис Сенаты Баслығы Танзила Норбоева Әзербайжан Республикасы Миллий Мәжилиси Баслығы Саҳиба Гафарова менен ушырасыў өткерди.
Тәреплер Өзбекстан-Әзербайжан қатнасықларының жедел раўажланыўы еки мәмлекет басшыларының беккем дослығы ҳәм өз-ара исенимине тийкарланғанын атап өтти. Бул соңғы жылларда турақлы сапарлар, ушырасыўлар ҳәм биргеликтеги илажлар себепли сезилерли дәрежеде беккемленген парламентлераралық қатнасықлардың жедел раўажланыўына хызмет етпекте.
2025-жыл апрель айында Ташкент қаласында болып өткен Парламентлераралық аўқамның 150-юбилей асссамблеясының жуўмақларына айрықша итибар қаратылды. Бул кең көлемли әнжуман Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басламасы ҳәм халықаралық көлемде кең қоллап-қуўатланғаны себепли өткерилгени атап өтилди.
Әзербайжан тәрепине Қосылмаў ҳәрекети Парламент тармағының Бандунг руўхының 70 жыллығына бағышланған конференциясы шөлкемлестирилгени ушын миннетдаршылық билдирилди.
Биринши Өзбекстан-Әзербайжан парламент ҳаял-қыз ағзалары форумына таярлық жумыслары да дыққат орайында болды. Бул форумды шөлкемлестириў бойынша дослық топарын дүзиўге келисип алынды. Өзбекстан тәрепинен Форум концепциясы ҳәм гендер теңлик, билимлендириў, ҳаял-қызлар исбилерменлиги, турзим ҳәм жаслар парламентлериниң бирге ислесиўин қамтып алған панель сессияларының темалары усыныс етилди.
Ушырасыў жуўмағында тәреплер парламентлераралық бирге ислесиўди және де беккемлеў, еки тәреплеме бирге ислесиў күн тәртибин кеңейтиў ҳәм халықаралық парламент структуралары шеңберинде муўапықластырыўға таяр екенлигин тастыйықлады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги