Өзбекстан парламенти делегациясы ҒМДАға ағза мәмлекетлер Парламентлераралық ассамблеясы илажларында қатнасады

Санкт-Петербург қаласында Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы (ҒМДА)на ағза мәмлекетлер Парламентлераралық ассамблеясы кеңесиниң мәжилиси болып өтеди.
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Норбоева басшылығындағы Өзбекстан парламент делегациясы усы илажда қатнасады.

Делегациялар басшылары ҒМДА Парламентлераралық ассамблеясы бәҳәрги сессиясы илажларында Парламентлераралық Аўқамның Ташкент қаласында өткерилген 150-юбилей ассамблеясында көрилген мәселелер, ҒМДА Парламентлераралық ассамблеясы халықаралық бақлаўшылар тәрепинен сайлаўларда өткерилген мониторинг нәтийжелерин додалайды.
Ассамблеяның 2024-жылдағы жумысының жуўмағы шығарылады ҳәм өткерилиўи режелестирилип атырған халықаралық саммитлерге таярлық мәселелери көрип шығылады.
Буннан тысқары, ҒМДА Парламентлераралық ассамблеясының Екинши жер жүзилик урыстағы Жеңистиң 80 жыллығына бағышланған салтанатлы мәжилиси де болып өтеди.
Н.Абдураимова, ӨзА