Жергиликли өнимлердиң сапасы көзден өткерилди

Мәмлекетимиз басшысы Әндижан ўәлаяты Булоқбоши районындағы «Файз-М» кәрханасының жумысы менен танысты.
Мәмлекетимизде шийки затты қайта ислеп, қосымша қун жаратыўға айрықша әҳмийет қаратылмақта. Бул кәрхана да гезлеме тоқыў, бояў ҳәм таяр трикотаж ислеп шығарыў бағдарындағы ири жойбарлардан бири.


Бул жерде жылына 4 миллион 200, 50 түрдеги өнимлер таярланады. Мыңға шамалас пуқара жумыс пенен тәмийинленген. Хызметкерлердиң тәжирийбесин арттырыў да итибарда. Оның ушын дизайнерлик орайы шөлкемлестирилген.
Түркия, Германия ҳәм Қытайдан келтирилген алдыңғы үскенелер жумыс өнимдарлығын ҳәм өнимлердиң сапасын тәмийинлемекте. Таяр кийим-кеншеклердиң үлкен бөлеги экспортқа шығарылады. Жыллық экспорт имканияты 6 миллион долларға жеткен.


Президентимиз өндирис процесин ҳәм таяр өнимлерин көзден өткерди. Сапа көрсеткишлери үстинде ислеп, қосымша қунды арттырыў ҳәм экспорт географиясын кеңейтиў бойынша усыныслар берди.


ӨзА