Өзбекстан У-17 сайланды командасы Азия чемпионатының ярым финалына жол алды

Саудия Арабстаны өткерип атырған У-17 Азия чемпионатында шерек финал ойынлары болып өтти. 13-апрель, екшемби күни болып өткен ушырасыўда Өзбекстан жас өспиримлер сайланды командасы БАӘға қарсы майданға түсти ҳәм 3:1 есабында исенимли жеңиске еристи.
Ушырасыўды жақсы баслаған Ислам Исмоиловтың шәкиртлери 13-минутта есапты ашыўға еристи – Асылбек Алиев еркин соққыдан жүдә сулыў гол урды. 36-минутта болса сол Алиев екинши голды да өз есабына жазды ҳәм дублин рәсмийлестирди.

Биринши бөлимниң ақырында, анығырағы 45-минутта Сайфиддин Садықов пенальтиден гол урды ҳәм есапты 3:0ге жеткерди. Екинши таймда БАӘ командасы белсендиликти арттырды ҳәм 67-минутта Муҳаммад Бутиниң голы менен есапты қысқартыўға еристи – 3:1.

Қалған ўақытта да еки команда жедел ҳәрекет етти, бирақ дәрўазаларға басқа топ киргизилмеди. Ойын усы есап пенен жуўмақланды ҳәм Өзбекстан У-17 сайланды командасы ярым финальға жол алды.
Енди жерлеслеримиз Индонезия – Арқа Корея арасындағы ушырасыў жеңимпазы менен финал ушын гүрес алып барады.
Азизбек Дабылов,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы