У-17 Азия чемпионаты: Өзбекстан Қытайды жеңип, Жәҳән чемпионатына шықты

65

6-апрель, екшемби күни футбол бойынша 17 жасқа шекемги жас өспиримлер арасында Азия кубоги жарысының 2-тур ойынлары болып өтти. Онда Өзбекстан У-17 сайланды командасы Қытай менен беллесип, әҳмийетли жеңисти қолға киргизди.

Ушырасыўдың 33-минутында Қытай сайланды командасы ойыншысы Жанг Ченгруи есапты ашты ҳәм командасын алдынға алып шықты. Бирақ биринши бөлим жуўмақланыўы алдында, анығырағы қосымша минутларда Садриддин Ҳасанов есапты теңлестирди – 1:1.

Екинши тайм өз-ара ҳүжимлерге бай түрде өтти. Ойынның 86-минутында Асылбек Алиев қарсылас дәрўазаға гол урып, Өзбекстан сайланды командасының әҳмийетли жеңисин тәмийинледи – 2:1.

Бул нәтийже арқалы Өзбекстан У-17 сайланды командасы топар басқышында избе-из екинши жеңисин қолға киргизди ҳәм упайлар санын 6 ға жеткерди.

Сондай-ақ, топардың екинши ойынында Саудия Арабстаны Таиландты 3:1 есабында жеңип шығыўға еристи. Усы нәтийжелерден соң Өзбекстан сайланды командасы мүддетинен алдын Азия Кубогиниң плей-офф басқышына жол алды. Буннан тысқары, команда 2025-жылдың ноябрь айында Қатарда болып өтетуғын У-17 Жәҳән чемпионатына да жолламаны рәсмийлестирди.

Еслетип өтемиз, жас өспиримлер арасындағы Жәҳән чемпионаты 2025-жылдың 3-ноябринен 27-ноябрине шекем Қатарда өткериледи.

 

Азизбек Дабылов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы