Президенттиң жаңа қарары қабыл етилди

«Республика аймақларында микро гидроэлектр станциялары тармағын раўажландырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы Президент қарары (ПҚ-129-санлы, 28.03.2025ж) қабыл етилди.
Қарарға муўапық, 2025-2026-жыллары Республика аймақларында микро гидроэлектр станциялары тармағын раўажландырыўдың тийкарғы мақсетли көрсеткишлери етип төмендегилер белгиленди, соның ишинде:
– улыўма қуўатлылығы 164 МВт болған 2983 микро ГЭС қурыў ҳәм жылына 500 млн кВт/саат экологиялық таза электр энергиясын ислеп шығарыў;
– жаңа микро ГЭСлерди иске қосыў есабынан 280 мың халықты электр энергиясы менен тәмийинлеў;
– қурылыс дәўиринде 1200 жумысшының бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм жойбарлар иске қосылғаннан кейин 520 турақлы жумыс орнын жаратыў.
2025-жыл 1-майға шекем жойбар ҳүжжетлерине тийкарланып микро ГЭСлер қурыў ушын таңлап алынған жер участкалары белгиленген тәртипте Энергетика министрлигине ажыратылады.
Энергетика министрлиги ажыратылған жер участкаларының жойбар интакерлерине микро ГЭСлер қурыў ҳәм иске қосыў ушын 20 жыл мүддетте ижараға берилиўин тәмийинлейди.
Буннан тысқары, Киши ҳәм микро гидроэлектр станциялары жойбарларын әмелге асырыў топары шөлкемлестириледи.
Қарақалпақстан хабар агентлиги