Президентимиз Самарқандқа келди
453
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев «Орайлық Азия – Европа Аўқамы» биринши саммити илажларына қатнасыў ушын Самарқанд қаласына келди.
Бүгин мәмлекетимиз басшысы Европа Кеңеси Президенти Антониу Кошта менен рәсмий емес ушырасыў өткереди.

Ертең саммитке қатнасатуғын делегациялардың басшылары менен бир қатар еки тәреплеме сөйлесиўлер өткерилиўи режелестирилген.
4-апрель күни Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Европа Аўқамының тийкарғы институтлары басшыларының қатнасыўында көп тәреплеме илажлар болып өтеди.

ӨзА