Иранның жетекши басылымы Өзбекстан менен қатнасықлар ҳаққында жазды

Иран Ислам Республикасы IRNA мәлимлеме агентлиги «Пезешкиён: Иран ҳәм Өзбекстан қатнасықлары беккемлениўин ынтықлық пенен күтемиз» атамасындағы мақала жәриялады.
Мақалада Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Иран Ислам Республикасы Президенти Масъуд Пезешкиён 1-апрель күни болып өткен телефон арқалы сөйлесиўде бир-бирин, мәмлекетлеримиздиң дос халықларын бәҳәр әййямы Наўрыз ҳәм мүбәрек Рамазан ҳайыты – Ийд ал-Фитр менен қызғын қутлықлап, тынышлық-татыўлық, абаданлық ҳәм раўажланыў тилегени баян етилген.
Сондай-ақ, ҳәр қыйлы дәрежелерде жедел сөйлесиў ҳәм сапарлар даўам етип атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилгени, өз-ара саўда ҳәм жүк тасыў көрсеткиши, биргеликтеги кәрханалар санының артып атырғаны, пайтахтлар арасында турақлы тиккелей авиақатнаў әмелге асырылып атырғаны, исбилерменлик ҳәм мәдений-гуманитарлық алмасыўдың кеңейип атырғаны атап өтилген.
– Пезешкиённиң атап өтиўинше, Иран халықларымыз арасындағы мәдений, диний ҳәм цивилизация уқсаслығына тийкарланып, еки мәмлекеттиң мәпи жолында экономикалық, сиясий ҳәм мәдений байланысты беккемлеўге умтылады,-делинген мақалада.
Сондай-ақ, Өзбекстан жетекшиси Иран Президенти ҳәм халқын футбол бойынша миллий сайланды команда жәҳән чемпионатына мүддетинен алдын жоллама алғаны менен қутлықлағанына да итибар қаратқан.
Муҳаррама Пирматова, ӨзА