Қарақалпақстанлы 3 футболшы Азия кубогине қатнасады

373

3-20-апрель күнлери Саудия Арабстанында футбол бойынша 17-жасқа шекемги жаслар арасында Азия кубоги жарысы болып өтеди.

Жарысқа Азия континентиниң күшли 16 командасы ишинде Өзбекстан сайланды командасы да қатнасып, чемпионлық ушын беллесиўлерге кириседи.

Қарақалпақстанлы футбол жанкүйерлери ушын әҳмийетли тәрепи сонда, Өзбекстан U-17 сайланды командасы қурамында республикамыз ўәкиллеринен Баҳадыр Избасқанов, Азизбек Еримбетов ҳәм Нурбек Сарсенбаевлар да бар.

Командамызға кубок жарысында табыслар тилеп қаламыз.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы