Юридикалық кадрларды қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў институтының тийкарғы ўазыйпалары белгиленди

“Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги жанындағы Юридикалық кадрларды қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў институты жумысын шөлкемлестириў илажлары ҳаққында”ғы Ҳүкимет қарары қабыл етилди.
Қарарға бола, төмендегилер юридикалық кадрларды қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў институтының тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленди, соның ишинде:
– әдиллик уйымлары ҳәм мәкемелери хызметкерлери, юридикалық хызмет, адвокатура, нотариат, суд экспертизасы, архив иси ҳәм ис жүргизиў, атқарыў тәртиби, мүрәжатлар менен ислесиў, медиация ҳәм интеллектуаллық мүлк тараўлары қәнигелерин қайта таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў;
– халықаралық көлемде Өзбекстан мәплерин мүнәсип көрсете алатуғын юридикалық кадрларды халықаралық стандартлар бойынша профессионал оқытыў;
– жоқары мағлыўматқа ийе болған шахсларды юридикалық қәнигелик бойынша қайта таярлаў;
– улыўма орта, орта арнаўлы ҳәм профессионал билимлендириў мәкемелеринде ҳуқықый пәнлерден сабақ беретуғын, жоқары юридикалық емес мағлыўматқа ийе педагог кадрларды қайта таярлаў, сондай-ақ, профессионал ҳәм жоқары билимлендириў системасында ҳуқықый пәнлерден сабақ беретуғын педагог кадрлардың белгиленген дәўирлиликке муўапық маманлығын арттырыў;
2025-жыл 1-апрельден:
– әдиллик уйымлары ҳәм мәкемелериниң хызметкерлерине гезектеги мәртебели дәрежелер олар Институттың арнаўлы қәнигелигин арттырыў курсларын табыслы тамамлағаннан соң бериледи.
– әдиллик уйымлары ҳәм мәкемелери хызметкерлери ҳәм юридикалық хызмет, адвокатура ҳәм нотариат тараўлары бойынша юридикалық кадрлардың билим ҳәм көнликпелерин турақлы арттырып барыўды нәзерде тутатуғын кредит-модуль механизмине тийкарланған үзликсиз кәсиплик раўажландырыў системасы енгизиледи.
Сондай-ақ, Институтта 2025-жыл 1-майдан шаңарақлық медиация жумыслары бойынша пуқаралар жыйыны баслықлары профессионал медиаторлыққа бийпул оқытылады.
ӨзА