Тиан Шучунди Өзбекстан Республикасының «Дўстлик» ордени менен сыйлықлаў ҳаққында

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Пәрманы
Өзбекстан Республикасы ҳәм Қытай Халық Республикасы арасындағы саўда-экономикалық байланысларды беккемлеў, еки тәреплеме пайдалы шерикликти раўажландырыў, елимиз экономикасына сырт ел инвестицияларын жедел тартыўға қосып атырған мүнәсип үлеси, елимизде алып барылып атырған үлкен дөретиўшилик жумысларын буннан былай да жеделлестириў, заманагөй қурылыс-архитектуралық және саўда ҳәм хызмет көрсетиў тараўларында перспективалы ҳәм инновациялық жойбарларды табыслы әмелге асырыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў бағдарындағы үлкен хызметлери ушын «TSC HK Investment» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң шөлкемлестириўшиси Тиан Шучун Өзбекстан Республикасының «Дўстлик» ордени менен сыйлықлансын.
Өзбекистан Республикасы Президенти
Ш.Мирзиёев